Фото

Нәўбеттеги хызмет сапары Шымбай районына болды

03 Апрель, 2024 404

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Шымбай районында хызмет сапарында болды. Сапар даўамында Шымбай районы бас имамы Ильяс Қазақбаев пенен бирге «Юсип ата» ҳǝм «Рахматулла мақсым» мешитлериндеги шәраятлар менен жақыннан танысты, мешит хызметкерлери менен ушырасып, мешит әтирапларын таза услаў, кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша тапсырмалар берди.

Хуптан намазында райондағы орайлық «Хан» мешитинде Аллаҳтың зикри менен қǝлблер нурға толар. Рамазан — саҳаўат айы. Бул айда қылынатуғын қайыр-эҳсанларға Аллаҳ таала үлкен әжир-саўапларды бериўи. Бул айдың берекетинен ҳәр бир шаңарақ ҳәм мѳминлер қәлбине шадлық кириўи ҳаққында айтып ѳтти. Ушырасыў даўамында бүгинги күндеги елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң инсан мәпи ушын хызмет етиўи, жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм оларды илим, билим алыўға қызықтырыў ҳаққында мысаллар менен айтып ɵтти ҳәм жәмәәт пенен тараўеҳ намазын оқыды.

Тараўеҳ намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылады. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәрәўан, несийбелеримизди зыяда етип береди иншаа Аллаҳ!

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер