Алдын хабар бергенимиздей 2018-жылы кең көлемде қарыйлар жарысы болып өтеди.
28-декабрь күни Ташкент қаласында Қарыйлар жарысы бойынша кеңес болып өтеди. Бул кеңеске Қарақалпақстан Республикасынан Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов ҳәм Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты мударрис Сапашов Зулфиқарлар қатнасады.
Кеңесте қарыйлар жарасы қай тақылетте өткерилиўи, жарыс шәртлери, төрешилер қурамы ҳәм жарысқа тийисли болған басқа да мәселелер көриледи.