Рамазан айының өзи муқаддес ҳәм берекетли. Оның ҳәр бир сааты ҳәм ҳәр бир мәўрити қәдирлеўге ылайық.
Ақырғы он күнлик киргенинде, Нәбий саллаллоҳу алайҳи ўасаллам: “Беллерди беккем байлар еди, (яғный, түн бойы ибадат қылыў ушын таяр болар еди), түнлерин ибадатта өткерер еди”… (Имам Бухарий рәўияты).
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов пайтахтымыз Нѳкис қаласындағы «Аллаҳберди Азиз» жоме мешитинде тараўиҳ намазында болды. Жәмәәтке «Рамазан айының ақырғы он күнлиги пазийлети», «Елимиздеги тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў», «Перзент тәрбиясы ҳәм оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў» мазмунында баянат жасады ҳәм тараўиҳ намазын оқыды.
Тараўиҳ намазынан соң елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылынды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты