Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Рамазан айында мешитлердеги жаратылған шараятлар, әтирапындағы абаданластырыў, кѳгалландырыў ҳәм бәҳәр мәўсимине таярлық жумыслары менен жақыннан танысыў ушын Әмиўдәрья районына барды.
Әмиўдәрья районы бас имамы А.Матсапаев пенен биргеликте мешитлердеги жумысларды кѳзден кеширди. Мешит хызметкерлери менен ушырасты. Соң «Яқуб ийшан» жоме мешитинде «Аллаҳтың зикри менен қәлблер тынышланар», «Сырт еллерде ўақтынша жумыс ислеп атырған пуқараларымыздың нызамсыз ҳәрекетлерге араласып қалыўының алдын алыў. Жасларымыздың тәрбиясына итибар қаратыў, олардың илим алыўлары ушын қолай шараятлар жаратыў. Елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықты еле де беккемлеў» мазмунында сәўбетлести. Жәмәәт пенен бирге хуптан ҳәм тараўиҳ намазларын оқыды.
Сапар жуўмағында Әмиўдәрья районы бас имамы А.Матсапаевқа мешитлердеги шараятлардан хабардар болыў, мешит әтирапларын абаданластырыў, бәҳәр мәўсимине таярлық, жерлерди егиске таярлаў жумысларын қадағалаў бойынша тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.