Зәкат берилетуғын адамлар.
Мүтәж – дүнья-малы нысабқа жетпеген адам, мискин - ҳеш нәрсеси жоқ адам, қарыздар ҳәм Аллаҳ жолындағылар. Муфассирлер Аллаҳ жолында жүретуғынларға илим талабында жүрген талабалар да киреди деген. Солай екен, қәўими ағайынлар ямаса мәҳеллелеримизде диний ямаса дүньялық илим алыў мақсетинде илим сарайларында оқып атырған студентлер бар. Олардың арасында төлеў шәртнамаларын төлеўге қыйналып жүргенлери де бар әлбетте. Соның ушын қәдир адамлар зәкатларын сондай талабаларға берсе үлкен әжр-саўапларға ериседи, иншааллаҳ. Қалаберсе, атақлы шәрият фақиҳ Бурҳаниддин Марғилонийдиң шәкиртлери шайх Зарнужий раҳимаҳуллаҳ былай деген: “Бир аўыл ямаса қала турғынларына сол жерден илим талабында шыққан талабалардың напақалары ўәжип болады. Олар келешекте пүткил қала ямаса аўыл турғынларынан парзы кифояны сақыт етеди. Кери жағдайда пүткил қала ямаса аўыл халқы гүнакәр есапланады” (“Шарҳи таълимул-мутааллим” китабы).
Питир садақасы.
Питир садақасы оразадан шығыў мүнәсибети менен берилетуғын садақа. Ол оразадар ушын Рамазан айы даўамында айтқан пайдасыз гәп-сөзи, еткен қәте-кемшиликлерин жуўыў ҳәм де кәмбағал-мискинлерге аўқатланыў имканиятын бериў мақсетинде енгизилген.
Питир садақаны кимлер береди.
Мал-дүньясы нысапқа жеткен адам бериўи ўәжиб, мал-дүньясы нысапқа жетпеген адам болса, берсе саўап алады, бермесе гүнәҳкар болмайды. Сондай-ақ, әке жасы толмаған барлық перзентлери ушын береди. Питир садақасын Рамазан айы басланғаннан баслап, ҳайт намазына шығаман дегенше берсе болады.
Фидя бериў мәселеси.
Фидяны еки тайпадағы адамлар береди: Бириншиси, ғаррылық себепли улыўма ораза тутыўға жарамайтуғын, күннен-күнге физикалық жақтан әззилеп баратырған кекселер. Екиншиси, созылмалы кесел болып, дүзелиўине үмит болмаған наўқаслар. Бул еки тайпа ўәкиллери Рамазанның ҳәр бир күни ушын фидя бериўи ўәжиб. Фидя муғдары питир садақаның муғдары менен бирдей болады.
Зәкат, питир ҳәм фидяни кимлерге бериўге болмайды.
Бул садақаларды нисаб муғдарыша дүнья-малы болған бай адамға, өзиниң ата-анасы, ата-бабасына, өзиниң ул-қызларына ҳәм олардың перзентлерине, ерли-зайып бир-бирине бериўи мүмкин емес.
Жума тезислери тийкарында таярлаған Шоманай районы Бас имамы Бахтияр Амедов.