Фото

Жыл жуўмағы бойынша жыйналыс болды

28 Декабрь, 2017 1493

26-декабрь күни Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятында Қарақалпақстан Республикасында жайласқан мешитлердиң имам-хатиблери, наиб имамлары ҳәм мутаўәллилери қатнасында жыл жуўмағы бойынша жыйналыс болып өтти.

Жыйналысты Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов ашты ҳәм алып барды.

Жыйналыста бир жыл даўамында Қазыятта қылынған ислер, Қарақалпақстан Республикасы бойлап жайласқан мешитлердеги алып барылған ислер додаланды. Сондай-ақ, тийкарсыз, тарийхта жасап өтпегенлердиң мақбараларын сапластырыў мәселеси де айтылды.

Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси баслығы орынбасары Мақсет Әлеўов та қатнасты.

Тэглер