Мүбǝрек Рамазан айы мүнǝсибети менен бǝрше мешитлерде қолай шараятлар ҳǝм имканиятлар жаратылған. Тараўиҳ намазлары оқылмақта, емин-еркин ибадатлар қылынбақта. Бул ǝлбетте, Аллаҳ тааланың биз бенделерине берген уллы неъматлары.
Тараўиҳ намазларында имам-хатиблеримиз тǝрепинен диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиўлер ѳткерилмекте.
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов пайтахтымыздағы «Сәлмен ийшан» мешитинде болып, «Перзентлердиң ата-аналар алдындағы ўазыйпалары» темасында баянат жасады. Сондай-ақ, диний тараўдағы унамлы ѳзгерислер, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң бүгинги күнде ѳз нәтийжесин бериўи ҳаққында мысаллар менен айтып ѳтти.
Ҳақыйқаттан да мешиттиң абат болыўы менен журтымыз абат болады. Мешитке ибадат ушын келген ҳәр бир мѳмин Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылады. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәрәўан, несийбелеримизди зыяда етип береди иншаАллаҳ!
Тараўиҳ намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты