Азан.уз сайтында онлайн радио баслаған еди. Ендиликте Ислам.уз сайты арқалы да онлайн радио ис баслады. Бул радиода Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзиретлеринен бизлерге қалған үлкен мийраслар қойылады.
Ендиликте сайт пайдаланыўшылары сайтқа киргеннен кейин ол жердеги мақалаларды оқыў менен бир қатарда, онлайн радио хызметинен де пайдаланыўы мүмкин болады.
Радио арқалы Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзиретлериниң “Ҳәдис ҳәм турмыс”, “Руўҳый тәрбия”, “Мукаммал саадат жолы”, “Ийман”, “Қураны кәрийм мәнилериниң аўдармасы”, “Әдеплер ғәзийнеси”, “Ҳикметли дүнья”, “Сунний ақыйдалар”, “Ҳикметли дүнья” китапларының аудио вариантлары қойып барылады.