Ҳүкиметимиз тәрепинен “Нәгиранлығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында” ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсаны бар нәгиранларға ислам дининиң мазмун-мәниси ҳаққында диний-мәрипий илажлар турақлы түрде өткерилиўи белгиленген.
Нөкис қаласындағы “Имам ийшан Муҳаммад” ҳәм Төрткүл районы “Молла Жумабай” жоме мешитлеринде ҳәптениң ҳәр шемби күни Жума тезиси тийкарында республикамыздағы нәгиранлығы болған инсанлар менен диний-мәрипий сәўбетлесиўлер өткерилмекте.
Бүгин Рамазан айы алдынан пайтахтымыздағы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешитинде сѳйлеў ҳәм еситиў қәбилетинде нуқсаны бар пуқараларымызға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов “Рамазан айы пазийлети” темасында баянат жасады ҳәм оларға қәўендерлер кѳмеги менен азық-аўқатлық ѳнимлери берилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты