Ѳзбекстан мусулманлары басқармасының 2024-жыл 22-февральдағы 03-484-санлы хатының орынланыўын басшылыққа алыў мақсетинде бүгин Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында усы жылы Рамазан айында хатым Қуран ѳтетуғын мешит имам-хатиблери ҳәм қарыйлар қатнасында жыйналыс болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов имам-хатиблерге мешитлерде қолай шараятлар жаратыў, қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиў, белгиленген ўақытта таровеҳ намазын баслаў ҳәм жуўмақлаў, ѳз ўақтында есабатларды қазыятқа тапсырыў, хатымға ѳтиўши қарыйларға қолай имканиятлар жаратыў ҳәм олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.