Шавкат Мирзиёев 2017 жыл 1 сентябрда “Ҳәзирети Имам” комплексинде мәмлекет, жәмәәт ҳәм диний сала хызметкерлери менен болып өткен ушырасыўда Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы биргеликте Республикада ғалабалық ҳалда ҳәм түрли басқышларда Қуран қирәәти жарысларын өткериў бойынша тапсырма берди. Бул тапсырманың орынланыўын тәминлеў бойынша Өзбекстан мусылманлары басқармасы буйрығына тийкарланып 2018 жылдың биринши ярымында Өзбекстанда Қуран жарыслары өткерилетуғын болды. Бул ҳаққында Muslim.uz сайты хабар берди.
Жарыс еки жөнелис бойынша алып барылады: ҳифз ҳәм тиләўат. Ҳифз жөнелисинде Қураны кәриймди толық ядлаған қарый жигитлер ҳәм қызлар, тиләўат жөнелисинде Қураны кәриймды шырайлы оқыйтуғын пуқаралар қатнасыўы мүмкин.
Қатнасыўшылар жасына көрес екиге бөлинеди:
18‒25 жастағылар;
25‒40 жастағылар.
Жарыста қатнасыўды қәлеўшилер 2018 жыл 1 январдан 10 январға шекем азанғы саат 09:00 дан кешки саат 19:00 ге шекем даўам етеди.