Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов мешитлердеги жаратылған шараятлар, әтирапындағы абаданластырыў ҳәм бәҳәр мәўсимине таярлық жумыслары менен жақыннан танысыў ушын Тахтакѳпир районына барды.
Райондағы орайлық «Халық» жоме мешитинде жәмәәт, мәҳәлле имамлары менен ушырасып, елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәрәўанлықтың қәдирине жетиў, тынышлықтың қәншелли уллы екенлигин перзентлеримизге түсиндириў мазмунында сәўбетлести. Орайлық мешитте «Бир аят түсиниги: Қурани кәриймдеги ең үмит бағышлаўшы аят» темасында баянат жасады.
Жума намазынан соң райондағы «Абдулкәрийм ахун ҳәм Айымбет ийшан» мешитлерине барды. Мешит имам-хатиблери ҳәм жәмәәт пенен ушырасып, жасларымыздың тәрбиясына, итибар қаратыў ҳәм елимизде алып барылып атырған реформаларға ѳз үлесимиди қосыў ҳаққында сәўбетлести.
Сапар жуўмағында Тахтакѳпир районы бас имамы А.Азизовқа мешитлердеги шараятлардан хабардар болып турыў, бәҳәр мәўсимине таярлық, жерлерди егиске таярлаў жумысларын баслаў бойынша тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.