«Фәтўа» араб тилинде «Сораўға жуўап бериў» мәнисин аңлатады. Ал, шәриятта «Шәрий мәселе ҳаққында сораў сораған адамға дәлилге тийкарланған ҳалда жуўап бериў»ге айтылады.
Биринши фәтўа бериўши инсан Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам болған. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан кейин саҳабалар, табеин ҳәм кейинги дәўир мужтаҳид уламалар фәтўа бериў менен шуғылланып, бүгинги күнимизге шекем даўам етип келмекте. Шәриятта мусылманлар турмысында пайда болатуғын сораўлар бойынша фәтўа берилиўи, бул парзы кифая әмел есапланады.
Фәтўа бериўдиң яки уламалардың фәтўаларын айтыўдың өзине тән талаплары бар. Себеби Қураны кәриймниң өзине тән әззи қалдырыўшылығы, ондағы балағат ҳәм фасаҳаттың жүдә жоқарылығы, гәплердиң дүзилиси ҳәм басқа тәреплери усы ўақытқа шекем адамзатты әжеплентирип келген. Солай екен, Исламның ҳәр еки дереги: Қуран ҳәм ҳәдиске тийкарланған ҳалда мусылманлардың мәплеринен келип шығып, инсан кәмиллиги, жәмийет параўанлығы ҳәмде оның социаллық раўажланыўын гөзлеп ҳүким шығарыў айрықша билим ҳәм көнликпе талап етеди. Исенимли дереклерде жазылыўынша, араб тили, Қуран ҳәм ҳәдис илимлери, фиқҳ ҳәм ислам тарийхын жүдә терең ҳәм толық билетуғын ҳәм басқа зәрүр сыпатларға ийе болған адамлар ғана фәтўа бериў ҳуқықына ийе.
Сондай болса да, бир мәселеде ҳүким шығарыў зәрүр болып қалса, алды менен, сол елде раўажланған фиқҳий мәзҳаб қағыйдаларына сүйениледи. Егер олардың ҳеш биринен мәселениң шешими таўылмаса, мусылманларға аңсатлық ҳәм қолай шарайыт жаратыў ушын муфтийлер тәрепинен ғана фәтўалар шығарылыўи мүмкин.
Исламда фәтўаның орны ҳәм тәсири әҳмийетли болыўы менен бирге, жүдә жуўапкершиликли ўазыйпа есапланады. Себеби фәтўада Аллаҳ тааланың ҳүкимлерин баян етиў мақсет етилип, онда ҳадал-ҳарам, саўап-гүна, жәннет-дозақ арасындағы әмеллер көрсетип бериледи. Имам Шатибий раҳматуллаҳи алайҳи фәтўа бериў жуўапкершилиги ҳаққында тоқталып, төмендегилерди атап өткен: «Муфтий – ҳүкимлерди жеткериўде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға орынбасар ҳәм Оның мийрасхоры есапланады. Сол себепли ол Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның атынан сөйлейди».
Илимсиз бола турып надурыс фәтўа бериў Аллаҳ тааланың атына дөҳмет қылыў есапланады. Соның ушын да Аллаҳ таала буннан қатаң қайтарып, былай деген:
«Сен: «Рәббим тек ашықтан-ашық ҳәм жасырын бузық ислерди, гүналарды, наҳақ ҳәдден асыўды ҳәм ҳеш қандай ҳүжжет түсирилмеген нәрселерди Аллаҳға шерик қылыўыңызды ҳәм Аллаҳ ҳаққында билмейтуғын нәрселериңизди айтыўды ҳарам қылды», – деп айт» (Аъроф сүреси, 33-аят).
Аллаҳ тааланың төмендеги аяты кәриймасы да илимсиз фәтўа бериў кәбийра гүна екенине дәлил:
«Аллаҳтың атынан өтирикти тоқып, тиллериңизге келген өтирикти айтып: «Бул – ҳадал, бул – ҳарам», – дей бермең! (Өйткени,) әлбетте, Аллаҳтың атына өтирик тоқығанлар қутыла алмайды. (Оларға дүньяда) азырақ рәҳәт бар (ал, ақыретте оларға) аўыртыўшы азап бар» (Наҳл сүреси, 116-117-аятлар).
Соның ушын да саҳабалар фәтўа бериўден илажы барынша өзлерин тыйып турған. Ҳәдиси шәрийпте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
“Ким илимсиз фәтўа берсе, оның гүнасы фәтўа берген адамға болады. Ким өз бирадарына туўры жол басқа тәрепте екенин билип турып, екинши бир жолға жолласа, оған қыянет қылыпты” (Имам Әбиў Даўыд рәўияты).
Демек, терең илим, тәжирийбе ҳәм қалыслық киби пазыйлет болмай турып, фәтўа бериўдиң ақыбети қайырлы емес. Солай екен, базы топарлардың Исламда үлкен мәселе сыпатында қаралған ҳүкимлерге жуўапкершиликсиз фәтўа бериўи өзлери ҳәм өзгелерди адастырыў есапланады.
Буны терең аңлап жеткен мусылманлардың дәслепки әўладлары өзлеринен илимли инсан болған жерде сөйлемеген.
Имам Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳ айтқан: «Илим зая болып кетиўи туўрысында Аллаҳтан қорқпағанымда еди ҳеш кимге фәтўа бермеген болар едим. Фәтўаны алған қәтержам болады, бирақ жуўап бериў маған болады» (Хатыб Бағдадийдиң “Ал-фақиҳ ўал мутафақиҳ” китабы).
Жоқарыда келтирип өтилген дәлиллерден келип шығып соны атап өтиў лазым, фәтўа бериў жүдә жуўапкершиликли болғаны ушын оған ҳәмме де батына бермейди. Буның артында жәмийет ҳәм онда жасаўшы адамлар ушын жүдә қәўипли зыянлар келип шығыўы мүмкин. Шайх Рамазан Бутий раҳимаҳуллаҳ айтады: «Ҳүким шығарыў илими медицина илимине уқсайды. Набада биреўдиң перзенти кеселликке шалынып қалса, ол тийисли диагноз қойыў ҳәм перзентин емлеў ушын медицинаға тийисли китапларды оқый ма яки тәжирийбели шыпакердиң алдына бара ма? Туўрысын айтқанда, оның ақылы орнында болса, екинши жолды таңлайды. Динде де тап сондай. Негизинде бул медицинадан да әҳмийетлирек, соның менен бирге қамтыў тәрептен қәўиплирек болып есапланады».
Ҳеш кимге сыр емес, ҳәзирги күнде айрым адамлар өзинше аят ҳәм ҳәдислерден ҳүким шығарып, надурыс фәтўалар берип, өзин ҳәм басқаларды адастырмақта.
Базы бир кимселер яки арнаўлы мақсетлерге жөнелтирилген дүзимлер тәрепинен қостырнақ ишиндеги “фәтўалар” адамларды Ислам мәрипатынан узақластырыўға себеп болмақта. Әсиресе, олардың “жиҳад”, “байъат”, “тәкфир”, “мәзҳабсызлық”, “ҳижрат” киби мәселелердеги тийкарсыз “фәтўалары” наҳақ қан төгилиўине алып келмекте ҳәм адамлардың кепилленген ҳуқықлары бузылыўына себеп болмақта. Имам Мәлик раҳматуллаҳи алайҳтиң устазы болған Робиъа ибн Абдурраҳманды жылаған ҳалда көрип, оннан буның себебин соралғанда, ол адамлар диний-ҳуқықый сораўларын билими болмаған адамлардан сорап атырғанын көргени, бул жағдай исламда үлкен қәўип пайда болғанынан дерек бериўин атап өткен екен.
Демек, терең илим, тәжирийбе ҳәм қалыслық киби пазыйлетлер болмай турып, фәтўа бериўдиң ақыбети қайырлы емес. Солай екен, базы орталық яки топарлар тәрепинен исламда үлкен мәселе сыпатында қаралған ҳүкимлерге итибарсыз ҳәм жуўапкершиликсизлик пенен фәтўа бериўи өзлери ҳәм өзгелерди адастырыў есапланады. Қалай адамларды ҳәм пүткил жәмийетт кәпирге шығарып, жәмәәт алдында оларға ериўди ҳарам демекте?!
Жуўмақлап айтқанда, фәтўаның мусылманлар турмысында орны әҳмийетлилигин есапқа алған ҳалда, илим ҳәм тәжирийбесиз фәтўа бериў яки ушыраған адамнан фәтўа сораў ҳәм оған ерип кете бериў адасыўға алып барады. Бул сыяқлы унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарыўшы тартыслардың алдын алыў, биринши нәўбетте, уламаларымыздың әҳмийетли ўзыйпалары есапланады.
Нөкис «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Айдос Якупов.