Ол инсан ҳаққында жүдә көп мақтаўлы сөзлер айтылғаны ҳәм олардың ҳәммесин келтириў имкансыз болғаны ушын айрымларын келтиремиз. Жалалуддин Суютий раҳматуллаҳи алайҳ имамның өмир баяны ҳаққында жазған “Табйизус саҳифа” атлы мийнетиниң кирисиўинде төмендеги ҳәдисти келтирип, онда Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳ нәзерде тутылған, дейди.
Әбиў Ҳурайра розыяллаҳу анҳудан рәўият қылынад: “Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер дин сурайя (меркурий планетасын)да болса да, Парсыдан бир адам яки Парсы улларынан бири оған жетип барып, ҳәттеки оны алып түсиреди», деди” (Имам Муслим рәўияты).
Имам Шафеиий раҳматуллаҳи алайҳ айтады:
“Адамлар фиқҳ илиминде Әбиў Ҳанифаға мүтәж”.
Улама Зафар Аҳмад Усманый "Иълаус-сунан китабында келтиреди:
Мисъар ибн Кидам раҳимаҳуллаҳтан сорады:
– Неге алдынғы мәзҳабыңды қойып, Әбиў Ҳанифаның мәзҳабына өттиң? Ол деди: – «Оның мәзҳабынан көре саҳиҳлеў (туўрылаў) мәзҳаб болса айтың, соған ерейин».
Негизинде ҳанафий мәзҳабы уллы инсанлардың санады (шежиреси) арқалы саҳабалардың ең фақиҳы Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳуға барып тақалады. Бул ҳаққында мынандай гәп те бар: “Абдуллаҳ ибн Масъуд фиқҳ туқымын сеўген, Алқама суўғарған, Ибраҳим Нақаъий ҳасылды жыйнастырып алған, ҳаммад женшиген, Әбиў Ҳанифа ун қылған, Әбиў Юсуф қамырын ийлеген, Имам Муҳаммад нан қылып писирген. Ал, қалған инсанлар сол наннан жемекте”.
Муъаўия разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Кимге Аллаҳ таада (жүдә көп) жақсылықты қәлесе, оны динде фақиҳ қылып қояды” (Муттафақун алайҳ).
Имам Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳ жүдә көп жақсылықлар берилген инсан еди. Шама менен 124 мың саҳабалардың 1500и Куфада жасаған. Солардан, Абдуллаҳ ибн Масъуд, Абдуллаҳ ибн Аббас, Әбиў Дарда, Убай ибн Каъб, Әбиў Муўса ал-Ашъарий разыяллаҳу анҳум сыяқлы үлкен саҳабалар да усы журтта жасаған. Ҳәзирети Усманнан соң халифа болған ҳәзирети Әлий Куфаны Ислам мәмлекетиниң пайтахтына айландырды. Ҳәзирети Әлий халифа сыпатында Куфаға кирип келген дәўирде бул жерде 4 000 нан зыят жүдә жетик билимли улама бар еди. Булардың ҳәмеси Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан тәлим алған. Имам Аъзам раҳматуллаҳи алайҳи жоқарыдағы инсанлардың жолын даўам еттирип, ҳанафий мәзҳабына тийкар салған. Қысқа ўақыт ишинде ҳанафий мәзҳабы раўажланып, инсанлар өз динине усы мәзҳаб арқалы әмел ететуғын болды. Және базы факторлар кең тарқалыўына себеп болған. Солардан бири, ҳанафий мәзҳабының кең қамтыўлы екенлиги (“Жаўамиъйл масанид” китабы авторының айтыўынша ол инсанның айтқан мәселелери бес жүз мыңға жетежи), бул мәзҳаб өз мазмуны, тәлийматы ҳәм усыл қағыйдалары менен жәмийетте жүз беретуғын фиқҳий мәселелерди шешиўде аңсат шешим бериўши, ҳәттеки насс (дәлил) келмеген орынларда қыяс ҳәм үрп-әдетти есапқа алғаны, шәкиртлери көплиги, Аббасийлер, Қараханийлер, Харезмшаҳлар, Айюбийлер, Усманийлер, Темиурийлеп ҳәм басқа мәмлекетлер тәрепинен рәсмий мәзҳаб сыпатында қабыл етилгени, бул мәмлекетлерде қазылық ислери әйне усы мәзҳаб тийкарында алып барылғаны усы ҳәм басқа себеплер ҳанафий мәзҳабының жайылыўына үлкен хызмет еткен.
Мусылманлар мың жыллардан бери әмел етип киятырған ҳанафий мәзҳабы ҳәм оның тийкаршысы ҳаққында айтылып атырған ҳәр түрли дөҳмет гәплер ушырап турады. Имам Харибий раҳматуллаўи алайҳ: “Имам Әбиў Ҳанифаға я күнлеўши яки надан адам айыплаў тасын ылақтырады”, деген.
Имам Аъзам ҳаққында айтылып атырған орынсыз даўагерликлерден, айыплаўлардан екеўин келтирип өтемиз:
“Насс (дәлил) келген орында ижтиҳад қылынбайды” деген иттифақ қылынған қағыйда бар. Ал, бул дәлалаты ҳәм субуты қатаң насс (дәлил) келген орында ислетиледи, керисинше ҳалда шәрияттың тийкары бузылады. Кейинирек, базы адамлар раъйды бузып түсиндириўи нәтийжесинде Киатп ҳәм Сүннетке қарсы қойылатуғын болып қалған.
Бул ҳаққында Имам Аъзам раҳматуллаҳи алайҳ өзи: “Ким бизди Қуран ҳәм ҳәдис тәлийматларынан қыясты үстем қояды деп айыпласа, Аллаҳға ант, ол жалғаншы ҳәм дөҳметши. Қуран ҳәм ҳәдис турған жерде кимәм қыясға итияж сезеди?! Биз қыяслаў усылын жүдә зәрүр болғанда ғана енгиземиз. Бир мәселе ушын Қуран ҳәм ҳәдисте дәлил таба алмағанымызда ғана, оны басқа дәлил-ҳүжжети бар мәселе менен қыяслаймыз. Биринши нәўбетте дәлил ҳәм ҳүжжетти Қураннан, соң ҳәдистен излеймиз ҳәм олардан таба алмаған тәғдирде ғана, саҳабалар сөзлерине мүрәжат етемиз. Саҳабалар да бул мәселеде пикирлес болмаған тәғдирде ғана, мәниниң айдынласыўы ушын еки мәселениң улыўмалық себебин таўып, бир ҳүкимди екинши ҳүкимге қыяс қыламыз”, дейди.
Шәрияттағы ҳүкимлер 500 әтирапындағы ҳүким аятлар ҳәм де 3000 әтирапындағы ҳәдислерден ғана ижтиҳад қылып алынады. Мужтаҳидлердиң буларды кәмил ҳәм терең яддан билиўине ҳеш гүман жоқ. Өйткени, Имамы Аъзам Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳ рәўият қылған ҳәдиси шәрийплер темаға тийисли арнаўлы жазылған оннан артық “Муснад” ҳәм “Асар” китапларында өз сәўлелениўин тапқан, фиқҳий дереклерди келтирилген. Ал, бул Имамы Аъзам раҳматуллаҳи алайҳди “аз ҳәдис рәўият қылған”, “он жети ҳәдисти билген” сыяқлы гәплердиң пуш ҳәм бос екени мәлим болады.
Солай екен Имам Аъзам раҳматуллаҳи алайҳ ҳаққында жазылған китаплар ҳәм дереклерди оқып үйренген адам бул инсанның илими, тақўасы, ибадатлары, өзгелер менен болған байланыслары ҳәм басқа инсаный сыпатлары қаншелли уллы болғанын ҳәм мақтаўға ылайықлы екенин биледи. Соның ушын да дүнья мусылманларының ярымынан көби бул инсан тийкар салған ҳанафий мәзҳабына әмел қылып келеди.
Айдос Якупов, Нөкис «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим бериў мәкемеси қәнигелик пәни оқытыўшысы.