Фото

«Ҳалaл сертификат» стандарты ислеп шығылмақта

22 Декабрь, 2017 1398

Алдын хабар берген едик, жақында Уламалар кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти.

Мусылманлар басқармасы баслығы орынбасары Шайх Абдулазиз Мансур жыйналыста сөз алып, халқымыздан ҳәм ислеп шығарыўшылар тәрепинен ҳалал азық-аўқат мәселесинде жүдә көп мүрәжатлар болып атырғанын инабатқа алып, «Ҳалал сертификат» стандарды ислеп шығылғаны ҳәм бунда даўамлы шуғылланатуғын уламалар дизими дүзилгенин мәлим етти.

«Ҳалал сертификат» стандарты мәмлекетимизде дәраматлы тараў болған зиярат туризминиң жедел раўажланыўына, әсиресе, мусылман саяхатшылар республикамизға келиўине жол ашып беретуғын әҳмийетли ислерден екени тәкидлеп өтти.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6 ноябрь күни «Мийўе өнимлери, жүзим, палыз, дәнли егинлер, сондай-ақ, кептирилген өнимлер ҳәм мийўелерди жергиликли экспорт қылыўшыларды қоллап-қуўатлаў бойынша шара-илажлар ҳаққында»ғы шешимине қол қойған еди.

Шешимниң алтынша бөлиминде Өзстандарт агентлигине: «Өзбекстан Республикасы Министрлер Мекемеси қасындағы Дин ислери бойынша комитет, басқа жуўаплы министрликлер ҳәм басқармалар менен бирликте жигирма күн мүддет ишинде республикада халықаралық стандартларды, солар қатары, «ИСО 22000», «Ҳалал» стандартларын еңгизиў ҳәм кейиншелик қоллаў бойынша шара-илажлар бағдарламасын Министрлер мекемесине киргизсин», деп белгилеп қойылған еди.

Тэглер