Аллаҳ таала барлық жанзатлар ишинде инсанды ең әзиз ҳәм қурамалы гирбиңсиз етип жаратқан. Оған жердеги жүда көп нәрселерди бойсындырып, санап таўсалмайтуғын дәрежеде инамлар берген. Буның есесине инсанларға иләхый буйрығын орынлауға, қайтарғанларынан шетте болыўға ҳәм ѳзи буйырғандай өмир сүриўди буйырған.
Ислам дини инсаниятқа берилген ең уллы инәм, өз өмирин қәстерлеп туўры өткериўи Қураны Каримде ҳәм мүбәрек хәдислерде бес нәрсени асырап абайлап сақлаўымыз кереклиги буйырылған. Инсанға диний исенимин, жанын, малын, ақылын ҳәм нәсилин саклаў буйырылған. Тилекке қарсы, бүгинги күнде пүткил жер жүзи бойлап нәшебентлик иллети «Әсир обасы» сыпатында кең тарқалып бармақта. Нәшебентлик инсанның тыныш-татыў турмысына шаң салып, санасын зәҳәрлеп өзине бойсындырыўшы жеркенишли иллет саналады. Бул соныңдай қурал, өз дузағына илиндирген адамды ғәплет ҳәм жаўызлық дүньясына жетелейди ҳәм бул дәўирде инсан жәмийеттеги өз орнын жойтып баслағанын аңламай қалады.
Нәшебентлик - Аллаҳ таала инсанға берген жан, тән ҳәм де ақыл инәмларының душпаны.
Нәшебентлик затларды қабыл етиўде бир қанша материяллық ҳәм руўхый, диний ҳәм дүньялық зыянлар бар болып, олар: Инсан зийреклигин пәсейтеди. Нәтийжеде адам пайда ҳәм зыян ҳаққында пикир жүритпей қалады.
Организмниң иммунитетин жоғалтады.
Бас, жүрек, рак х.т.б кеселликлерди келтирип шығарады.
Еслеў қәбилетин төменлетеди. Нәтийжеде инсан оқып, еситип, көрген нәрселериниң бәрин естен шығарады.
Аллаҳ таалаға қулшылық етиўге тосқынлық жасайды. Бенделикти умытып, Алланы естен шығарады.
Әдеп-икрамлық пазыйлетлерин, ийбени жоқ етеди. Ийбе кетсе инсан кеўли қәлеген нәрсени ислеўге урынады.
Инсанды жүдә жалқаў, күшсиз, шаңарағына бийпарық етип, шаңарағы алдындағы жуўапкершиликти сезинбеўине себепши болады.
Көз нурын қурытып, тислердиң төгилиўине алып келеди.
Пәтиўа китапларында келтирилиўинше «Нәшебентлик затларды қабыл етиўде, оны сатыўдан түскен пайда да ҳарам есапланады». Нәшебентлик затларды жасларымыздың арасына тарқатып атырғанлар жәмийетимиздиң ҳәм динимиздиң душпанлары болып, олардың ақыретлери аянышлы болады. Нәшебентликке шатылған инсан өзине аманат етип берилген жан ҳәм ақыл инәмына қыянет еткен саналады. Бул нәрсе Аллаҳ тааланың қәхәрин келтиреди ҳәм бәршемизди ескертип былай дейди:
«Өз қолларыңыз бенен өзлеринизди өлтирмең»! (Бақара сүреси 195-аят).
Жәмийетимиз, елимиздиң раўажланыўы ушын бәршемиз бул иллетке қарсы биргеликте гүресиўимиз керек. Жаратқанның өзи бизди бул бәледен асырағай. Журтымыз тыныш, аспанымыз ашық болсын.
Рахимжан Тлеўбаев. Мойнақ районы «Тоқпақ ата» жоме мешити имам-хатиби.