Фото

Россия муфтийлери кеңесине бас муфтийди сайлаў ушын қурылтай өткерилди.

22 Декабрь, 2017 1465

Равиль Гайнутдин өткен бес жыл даўамында Россия муфтийлери кеңесин басқарып келген еди. Ол Москвада өткерилген Россия муфтийлери кеңеси қурылтайында қайтадан сайланды. Оны әнжуманға қатнасқанлар бир аўыздан қоллап-қуўатлады. Қурылтай даўамында он адамнан ибарат Россия муфтийлери кеңеси президиум ағзалары да сайланды.

Оған Р.Гайнутдиннен басқа Россияның Азия бөлеги мусылманлары басқармасы баслығы Нафигулла Аширов, Башқурдстан мусылманлары басқармасы баслығы Нурмуҳаммад Нигматуллин, Арқа Асетия мусылманлары басқармасы баслығы Хаджимурат Гацалов, Волгабойы мусылманлары басқармасы баслығы Муқаддас Бийбарысов, Москва ўәлаяты мусылманлары басқармасы баслығы Рушан Аббясов, Москва мусылманлары басқармасы баслығы Ильдар Аляутдинов, Санкт-Петербург мусылманлары басқармасы баслығы Дамир Мухетдинов, Пенза ўәлаяты мусылманлары басқармасы баслығы Ислам Дашкин ҳәм Тюмень ўәлаяты муфтийсы Зиннат Садықов киргизилген.

Тэглер