Фото

Арап тилин үйрениўди қәлейсиз бе?

21 Декабрь, 2017 1514

Өткен айда ересек адамлар ушын арап тилин үйрениў курслары тез арада ашылыўы ҳаққында хабар берген едик. Мине усы күнлер де жетип келди.

Нөкис қаласында жайласқан Қарақалпақстан Республикасындағы бирден бир диний тәлим орны есапланатуғын «Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журтында ересек адамлар ушын “Арап тили” пәни бойынша арнаўлы пуллы курслар шөлкемлестирилди. Бул курсларда оқыў сабақлары 2018-жылдың 2-январынан басланады.

Оқыў курсларында арап тилин оқып үйрениўди қәлеўшилер ҳүжжетлерин 2017 жылдың 25-27 декабрь күнлери саат 09:00 дан 17:00 ге шекем «Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журтына алып барыўы керек.

Оқыў курсларына “Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында”ғы нызамға муўапық 18 жасқа толған Республикамыз пуқаралары сәўбет тийкарында қабыл етиледи.

Оқыўды қәлеўшилер төмендеги ҳүжжетлерди алып келиўи керек:

- Орта арнаўлы ислам билим журты директоры атына арза;

- Ден-саўлығы ҳаққында мағлыўматнама (086);

- Паспорт нусқасы (түп нусқа көрсетилиўи шәрт);

- 4 дана сүўрет (3,5 х 4,5);

- Жасаў мәнзилинен мағлыўматнама;

Оқыў курслары бойынша сораўларыңызға +99861 229 03 20 телефоны арқалы жуўап алыўыңызға болады.

Тэглер