Ҳәммемизге белгили, соңғы жыллары елимизде жасыл әлемди қорғаў ҳәм кеңейтиў ислери мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде кѳплеген жумыслар әмелге асырылмақта.
Муқаддес динимизде терек егиўдиң пазыйлетлеринен бири дүньяда жақсы әмеллер қылған мөмин бенделерге жәннетте де олар ушын сыйлық тәризинде терек егилиўи болып табылады. Ким нәл, терек ексе, жер бетинде Аллаҳ таалаға сәжде қылатуғын тереклер санының көбейиўине себеп болған болады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз үмметлерин дийқаншылық, атап айтқанда, терек егиўге шақырып, былай деген: «Егер қыямет күни болып қалса да, бириңиздиң қолында нәли болса, оны егип алсын» (Бухарий ҳәм Аҳмад рәўияты).
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы барлық мешит хызметкерлери усы миллий жойбарға ѳзлериниң үлеслерин қосыў мақсетинде мешит әтирапларына, қәбирстанларға ҳәм зияратгаҳ орынларға ҳәр түрли терек нәллерин екпекте, олардың тутып кетиўи ушын үлкен итибар қаратпақта.
Ҳақыйқатында да, қайырлы истиң ерте-кеши жоқ. Келиң әзизлер, имканиятымыз, қүдиретимиз бар екен, усы садақа әмеллерден болған терек егиўге, өзимиз жасап атырған үлкемизди жасыл аймаққа айландырыўға, елимизди және де абад қылыўға асығайық.
Ҳикметли сөзлерде айтылғанындай: «Бизлерден алдын өткенлер нәл екти, бизлер оннан пайдаландық. Ал, енди бизлер егемиз, оннан кейинги әўладлар пайдаланады».
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты