Фото

Парижде арапша жазыў өнери көргизбеси болып атыр

21 Декабрь, 2017 1334

Франция пойтахты Париж қаласында “İkra” (Иқро–оқи. аўдар.)” ислам хаттатлығы (арапша жазыў өнери) көргизбеси өз исин баслады. Бул көргизбеде дүньяның бир қанша атақлы хаттатлары, солар қатары, Сәййид Аҳмад Бурсалы ҳәм Мустафа Жамиллердиң жазыў өнерлери де көргизбеге қойылған.

Көргизбе шеңберинде заманагөй хаттатлық өнерлери қойылып, булар мусылман әлеминиң ески хаттатлық өнери үрдислерине туўры келеди.

Көргизбени шөлкемлестириўден мақсет мусылман әлеми өнерлерин европалыларға көрсетиў екени айтылмақта. Бул көргизбе 24 декабрға шекем даўам етиўи режелестирилген.

Тэглер