Фото

Тәўбе

05 Сентябрь, 2023 528

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.

Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.

Ибн Қудома роҳимаҳуллаҳ өзиниң «Ат-таўўабийн» атлы китабында келтиреди:

«Рабийъа ат-Тамимий айтады:

«Бир гүнаҳкәр инсан бар еди. Кейининен Аллаҳ оған жақсылықты, тәўбени несип етти. Ол ҳаялына деди:

- Маған Алланың алдында мениң тәўбем қабыл болыўы ушын шәпәәт ететуғын шәпәәтши керек. Оны излемесем болмайды!

Ол ҳаялына сондай деп саҳраға шығып бақырды:

«Ҳәй аспан, маған шәпәәтши бол. Ҳәй жер, маған шәпәәтши бол. Ҳәй периштелер, маған шәпәәтши болыңлар! »

Ол шаршап ҳушынан кетти. Аллаҳ таала оған бир периштени жиберди. Периште оны отырғызып басын сыйпап деди:

- Аллаҳ сениң тәўбеңди қабыллады!

Ол периштеден сорады:

- Аллаҳ саған реҳим қылсын, Оның алдында ким маған шәпәәтши болды?

Периште деди:

- Сендеги қорқыныш Алланың алдында саған шәпәәтши болды.

Тийкарынан Аллаҳтан болған қорқыныштың қасында әмел де болыўы керек. Егер бенде Аллаҳтан ҳақыйқаттан да қорықса Аллаҳ қәлегени сыяқлы жасайды.

Жасаў бул туўры ада етилетуғын ибадат, адамларға кѳрсетилетуғын гөззал мәмиле ҳәм шырайлы қулқ, ҳадалды ҳадал деў, ҳарамды ҳарам деў, булардан кейин болса әмеллерин Аллаҳ қабыл етпеўинен қорқыў болып табылады.

Мине усыны керек болса «қорқыныш» десек болады.

Аллаҳ тааладан тек ғана гүнаҳ ҳәм мəсиятлар себепли қорқылады дейтуғынлар қәтелеседи. Қорқыныш тийкарланып руўхыйлықтан келип шығады. Солай екен, Оны ҳақыйқаттан таныған инсан Оннан қорқады.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтады:

«Исро кешеси периштелердиң алдынан өттим. Жабраил Аллаҳтан қорыққанынан ески, дәрўишлердиң кийими сыяқлы болып қалғанын көрдим!».

Жабраил алайҳиссалам Аллаҳ тәрепинен жиберилген буйрық периштеси, басқа периштелер сыяқлы гүнаҳлардан гүнасыз. Оның гүнасы да, жынаяты да жоқ. Бирақ қорқынышы мине сондай. Оның қорқынышы билиминен келип шыққан еди!

Бирақ биз инсанбыз. Ҳәммемиз де периште бола алмаймыз. Билимлилер болса анық, жүдә аз. Биз болса Аллаҳ тәрепке аяғымыз сынса да, ақсақ ҳалымызда да, сүйретилип болса да жүриўди даўам ете беремиз. Гүнаҳымыз болса да, үмитти үзбестен жолды даўам етиўимиз Аллаҳтың бизге болған рахмети болып табылады!

Гүнаҳ еткени ушын бенде Рәббисинен қорықса ақыретте оған үлкен сыйлықлар бар. Имам Бухарий роҳимаҳуллаҳ ҳәм имам Муслим роҳимаҳуллаҳ өзлериниң ҳәдис жыйнақларында рәўият етеди:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:

«Бир адам пүткил өмири даўамында гүнаҳ етти, нәпсине зулым етти. Өлер алдында перзентлерине ўәсият етти:

«Егер мен ѳлсем қилсам, денемди ѳртеңлер, кейининен оны майдалаңлар, кейининен самал ўақтында теңизге шашып жибериңлер. Рәббим мени услап алса ҳеш кимге бермеген азабын береди!».

Перзентлери оның айтқанындай етеди. Аллаҳ таала жерге әмир етти:

«Алғаныңды қайтар!».

Марҳумның өли денеси және алдынғы ҳалына қайтты. Аллаҳ таала оған деди:

- Неге бундай еттиң?

- Ҳәй Рәббим, сеннен қорықтым!

Аллаҳ таала оны кеширди етти!».

Бул ҳәдис жоқарыдағы пикирлерди бийкар етпейди, керисинше қоллайды. Бәрибир Аллаҳға қайтамыз. Қәлесе пазлы ҳәм реҳми менен кеширеди. Қәлесе әдалат пенен азаплайды.

Ҳеш ким жәннетке әмели менен кире алмайды. Бирақ умытпайық, әмел Аллаҳтың раҳметин тартады.

Сол себепли, бендеси бойсынар екен, жақсы әмеллерге асығар екен, әмеллериниң қабыл болыўынан үмит етер екен, жаманлық еткенде болса бул жаманлығы оны ѳлтириўинен қорқар екен, Аллаҳ оны раҳметинен узақ етпейди.

Әҳмийетлиси, Аллаҳтан болған қорқынышы оны әмелге шақырып турсын, Аллаҳ әсиге кетиўден оны қайтарып турсын.

Мудамы Оннан қәўипте турайық. Қолымыздан келгенинше ибадат етейик, гүнаҳ етсек тәўбеге асығайық. Рәббимизга шырайлы мүнәсибетте болыў мудамы басымызға таж болсын!

Абдулқодир Полвонов.

Islam.uz сайтынан Беруний районы «Султан увайс баба» мешити имам-хатиби Нуратдин Юсупов таярлады.

Тэглер