Фото

ПӘТЎАҒА ЖҮРЕКСИНИЎ

24 Август, 2023 488

Пәтўа сораўға жуўап бериў мәнисин аңлатады. Кеңирек түсиник беретуғын болсақ, сораўға шәрият жолы менен дәлиллер тийкарында жуўап бериў мәнисин билдиреди. Пәтўа бериўдиң өзине тән шәртлери бар. Белгили дереклерде көрсетилиўинше, араб тили, Қураны Кәрийм ҳәм ҳәдис илимлери, фиҳқ,сондай-ақ Ислам тарийхын ҳәр тәреплеме терең үйренген адамлар ғана пәтўа бериў ҳуқықына ийе. Имам Шәтибий пәтўа бериў жуўапкершилиги ҳаққында былай дейди: "Муфтий – ҳүкмлерди жеткериўде Расулулаҳға с.а.ў орынбасар ҳәм оған мийрасхор есапланады. Сонлықтан ол Расулуллаҳ с.а.ў атынан сөйлейди".

Сондай-ақ Расулуллаҳ с.а.ў Имам Дәримий рәўият еткен ҳәдисте пәтўа бериўде абайлы ҳәм итибарлы болыўға шақырып: "Пәтўа бериўге жүрексингениңиз, дозаққа жүрексингенлериңиз," – деген еди. Яғный толық билимге,жетерли тәжирийбеге ийе болмай турып, жүрексинип пәтўа бериўден қайтарады. Буны дурыс түсинген мусылманлар өзлеринен илимли инсанлар отырған жерде пәтўа бериўден өзлерин тыйған. Имам Наўаўий(р.а) өзиниң "ал-Мажмуъ" атлы китабында Абдираҳман ибн Аби Лайладан төмендегише рәўият етеди: "Расулуллаҳтың с.а.ў 120 саҳабасына сораў берилгенде "мынадан сораң"деп қасындағыларды көрсеткен ҳәм ақыры айланып сораў биринши адамға қайта берилиўиниң гүўасы болдым". Шайх Рамазан Бутий былай дейди: "Ҳүким шығарыў илими медицина илими сыяқлы жуўапкершиликли. Егер де биреўдиң перзенти аўырса, оған тийисли кеселликти емлеў ушын медицинаға тийисли китапларды ақтара ма ямаса тәжирийбели шыпакердиң алдына бара ма? Анығына келетуғын болсақ,ол кейинги жолды тутады. Динде де дәл солай. Негизине келетуғын болсақ, динде пәтўа бериў кең мәниде қәўиплирек есапланады".

Жуўмақ орнында соны айтыў керек, адам өзи билмеген мәселе бойынша соралғанда оған илимсиз, яғный ол бойынша толық мағлыўматқа ийе болмастан жуўап бериўи дурыс емес. Егер өзи жетерли билим ҳәм тәжирийбеге ийе болмастан пәтўа бериўге урынса, онда ол инсан мисли жәҳәннемге асыққаны менен барабар болады. Наданлық етип етип, илимсиз ҳалда пәтўа бериўден Аллаҳ сақласын!

Рахимжан Тлеубаев, Мойнақ районы "Тоқпақ-ата" жәмәәт мешити имам хатиби.

Тэглер