Мажидул Ҳарамның ҳәзирги көринисине себеп болған ҳәм Мажидул Набаўийди бийик ақ минарлар менен әжайып гөззал болыўына себеши болған шахс бул мысырлы Муҳаммад Кәмал Исмаил болып табылады. Ол өз жумысында жүдә шебер инженерлерден болған. Алым Мешитлерди проектлестиргеннен кейин Саудия Патшалығы тәрепинен берилген миллион долларлық пулларды алыўдан бас тартып: Еки Ҳарами Шарифке еткен хызметим ушын пул аламан ба? Онда Рәббимниң алдына қайсы жүз бенен бараман - деген. Бир күни инженер менен Мажидул Набавийни қурыўда ҳәммени таң қалдырған бир ўақыя жүз берген.
Инженер Мажидул Набаўий полына еки түрли мрамор қоймақшы еди. Олардан бирин тек ғана Грециядан табыў мүмкин болған Thassos Extra деп аталған мрамор еди. Бул мрамордың шырай берилген жүзиниң реңлери, ашықлығы ҳәм жақтылығы тәрепинен музға уқсайтуғын еди. Жүдә кем ушырайтуғын болған, тамырлар ҳәм дақларсыз бул таза ақ мрамор жүдә қымбат баҳа еди. Түнде ол майда тесикшелер арқалы ығаллықты жутыў, күндизи болса ығаллықты шығарыў өзгешелигине ийе болғаны ушын күнниң ыссысында да турақлы түрде салқынлықты услап турар еди. Бул түрдеги мрамор Грецсияның киши атаўында жайласқан болып, инженер Муҳаммад Кәмал мрамор сатып алыў ушын сол жерге барған.
Онда мешит ушын жетерлише мрамор сатып алыўға шәртнама дүзип, сол жерде бар болған мрамордың ярымын алып, Мадинадағы Пайғамбар алайҳиссалам мешитине алып келинген.
Муҳаммад Кәмал сондай дейди:
«Бир қанша ўақыт өтип Короллық мекемемеси меннен Пайғамбарымыз саллалаҳу алайҳи ўа саллам мешитиниң пүткил майданын тап сол мрамор менен қаплаўымды сорады. Мен қәўетерге түстим. Бундай мрамор Жер жүзинде тек Грецияның киши бир аймағында ғана бар, оның да ярымын өзим сатып алдым. Бирақ бул пүткил қабатты қаплаўға жетпеўи анық еди.
Мен тағы Грецияға бардым. Компанияның президентинен қалған мрамор ҳаққында сорадым.
Ол маған:
«Сиздан кейин қалған мрамор ҳәммеси сатылып кетти”, - деди.
Муҳаммад Кәмал сондай дейди:
«Мен жүдә қапа едим, ѳмиримде буншелли қайғырмағанман. Мекемеден шығып кеттим ҳәм ертесине самолёт пенен Саудияға қайтып келиўим керек еди. Шығып атырып хаткерден: “Мрамордың қалған муғдарын ким сатып алғанын билесеңбе”, - деп сорадым.
Мен оған Грецияда тағы бир күн қалыўымды ҳәм одан қалған мраморды сатып алған адам ҳаққында мағлыўмат табыўын өтиниш еттим. Номеримди қалдырып кетер екенмен өзиме-өзим:
“Аллаҳ бир жолға баслар, қыйыншылығым аңсат болар, иншааллаҳ», - деп қойдым.
Аэропортқа кетиўден бир неше саат алдын хаткер маған қоңыраў етип, мекемеге келиўимди сорады. Офиске келгенимде, мрамордың қалғанын сатып алған адамның мағлыўматларын бериўди. Қарыйдар Саудия компаниясы екенлигин билгенимде жүрегим қынынан шығып кетейн деди.
Мен туўры Саудия Арабстанына уштым, аэропорттан болса мрамор сатып алған компанияға бардым.
Директорлар кеңеси баслығының алдына барып оннан:
«Көп жыллар алдын Грециядан сатып алған мраморды не қылдыңыз?», - деп сорадым.
Ол:
«Есимде жоқ», - деди.
Кейин ол барлық дүканларына қоңыраў етип, олардан ақ грек мраморын сорады. Барлық дүкандағылар оған:
«Ҳәммеси турыпты, улыўма сатылмаған», - деп айтты.
Мен жас бала сыяқлы жыладым. Компания ийеси меннен:
«Неге жылап атырсыз?», - деп сорады.
Оған ўақыяны толық айтып бердим ҳәм:
«Мине сизге бос шек, қәлеген сўмманы жазың, мен төлеймен», - дедим.
Компания ийеси мрамор пайғамбар алайҳиссаламның мешити ушын екенлигин билгеннен кейин:
«Мен мрамор ушын бир дирҳам да алмайман, Аллаҳ разылығы ушын мраморды ала бериң», -деди.
Солай етип, мешитти кеңейтиў ушын жетерли мрамор табылған еди”, - деп гүрриң еткен еди Муҳаммад Кәмал Исмаил.
Мағлыўматларға қарағанда, ол 2008-жыл 2-август күни 100 жасында Аллаҳ таалаға аманатын тапсырды. Ол сондай узақ жасты еки Ҳарами Шарифтың хызметине бағышлады.
Ол ғалаба хабар қуралларында жийи-жийи шығыўға, атақ-абырайға, дүнья-малға қазықпас еди. Бундай әжайып пазыйлетлер ийеси, өз исиниң шебери болған инженерди таныўы ҳәм оның ҳаққына дуўалар етиўи керек.
Аллаҳ таала еки Ҳарами Шарифке қалыс хызмет еткен Муҳаммад Кәмал Исмаилды Өз рахметине алсын!
Интернет материалларынан Нѳкис районы «Имам ийшан» жоме мешити имам-хатиби Алымжан Салимов таярлады.