Ҳәммеге мәлим, бүгинги күнде экстремизм ҳәм терроризм текғана айырым мәмлекетлердиң миллий қәўипсизлигине, бәлки жәҳән жәмийетшилигине салдамлы қорқыў салып атырған факторға айланып үлгерди. Бул болса ҳәр қандай журт парахатшылығы ҳәм миллет раўажына жуўапкер болған адамларды бийпарық қалдырмаўы анық. Нызамға көре, терроризм бул - сиясий, диний, идеологиялық ҳәм басқа мақсетлерге ерисиў ушын шахстың ѳмири, денсаўлығына қәўип туўдыратуғын, мал-мүлк ҳәм басқа материаллық объектлердиң жоқ етилиўи (зыянландырылыўы) қәўпин келтирип шығарыўшы ҳәм де мәмлекетти, халық аралық шөлкемди, физикалық ямаса юридикалық шахсты қандайда бир ҳәрекетлер ислеўге ямаса ислеўден тыйылыўға мәжбүрлеўге, халық аралық мүнәсибетлерди қурамаластырыўға, мәмлекеттиң суверенитетти, аймақлық пүтинлигин бузыўға, қәўипсизлигине зыян жеткизиўге, қураллы ўақыялар шѳлкемлестириўди гөзлеп, иртки салыўға, халықты қорқытыўға, социаллық-сиясий жағдайын ҳәлсиретиўге қаратылған, зорлық ислетиў менен қорқытыў ямаса басқа жол менен әмелге асырылатуғын жынаятлы қылмыс, есапланады. Терроризмди қандайда бир миллет ямаса динге коэффициент бериў улыўма надурыс. Терроризмди ҳеш қайсы дин, ҳеш қайсы миллет ақламайды. Ол кимниң ҳәм нениң атынан жүз бериўине қарамастан, бундай бузғыншылықты әмелге асырыўшы шахс нызамға муўапық жазаланады.
Терроризм адамлар, жәмәәтлер ямаса мәмлекетлердиң динин, жанын, санасын, мал-мүлкин, ар-намысын бузыўға қаратылған душпаншылық болып табылады. Оның шеңберине қорқытыў, азап бериў, абай қылыў, наҳақ өлтириў, мал-мүлкни тартып алыў, жолтосарлық, зорлық, абайдың барлық түрлери менен жалғыз ямаса жәмәәтлик тәрзде жынаятлы режени әмелге асырыў киреди. Бул ҳәрекетлердиң мақсети адамлар арасында қәўетер, қәўип салыў, азап жеткезип қорқытыў ямаса басқалардың ѳмири, еркинлиги ҳәм мал-мүлкин қәўип-қәтерге қойыў болып табылады. Булардың барлығы бузғыншылыққа қаратылған болып, Аллаҳ Қураны кәриймде мусылманларды бул истен қайтарған. Ақыйдапарастлық, бузғыншылыққа қаратылған бүгинги күнде пайда болған актуал мәселелер емес, бул машқалаға салыстырғанда уллы ойшыллар да көп шақырық етип, олардың унамсыз ақыбетлерине ҳуқықый ҳәм фиқҳий тәрептен баҳа берген.
Атап көрсетиў керек, түрли экстремистлик ҳәм террористлик шөлкемлер Орайлық Азия республикаларындағы социаллық-сиясий жағдайды изден шығарыўға қаратылған ҳәрекетин де елеге шекем даўам еттирип атырғаны ашынарлы жағдай.
Ислам динин өзлерине нықап етип алған айырым топарлар ҳәм тайпалар диннен пайдаланып, ғәрез мақсетлерди гөзлеген ҳалда, жәмийетте бузғыншылыққа қаратылған, бийгүна адамлардың қаны төгилиўи сыяқлы унамсыз жағдайларды ҳәўиж алдырып, пуқаралардың тынышлығын бузып, халық ҳәм диндарлар ортасында даў шығарыўға, ала-аўызлық салыўға ҳәрекет етип атыр. Өзлерин «Ислам дини ҳәм мусылманларды қорғаўшы, қутқарыўшы топар» деп жәриялаған ҳалда, бийгүна пуқаралардың өлимине себеп болмақта. Ең жаманы, олар ҳәр бир мусылман ушын муқәддес болған Қураны кәрийм ҳәм Ҳәдиси шәрифты өзлериниң ғәрез мақсетлерине ийкемлестирип түсиндириў ҳәм талғылап, мусылманлар ортасында ала-аўызлық шығарыўға урынып атыр.
Негизинде, Ислам дини ҳәр қандай аўыр шараятта да экстремизм ҳәм терроршылық сыяқлы кескин ҳәрекетлерди әмелге асырыўға рухсат бермейди. Оның тәлийматына көре, наҳақ қан төгиў ең аўыр гүнаҳ есапланып, буның жазасы да аўыр екени мәлим. Ҳәзирги күнде терроризм, экстремизм, диний ақыйдапараслық, динге берилгенлик сыяқлы иллетлер тынышлық –қәтержамлыққа қәўип салмақта.
Пушайманлық пенен болса да, айтыў орынлы, журтымыз Өзбекстан терроризм абайлары ҳәм оның зыянлы ақыбетлерин өз басынан кеширген мәмлекетлерден бири. Сол себепли де журтымызда бул иллетлерге қарсы гүресиў, оның алдын алыў бойынша жәҳән жәмийетшилигине ибрат бола алатуғын дәрежеде айрықша тажирийбе қәлиплескен. Қалаберсе, журтымыз ҳәм ислам дини тарийхына салмақлы үлес қосқан уллы бабаларымыз қалдырған руўхый-ағартыўшылық мийраслар тек ғана ислам әлеминде, бәлки пүткил жәҳәнде айрықша итибарға ылайық екенлигин тән алыў ҳақыйқат болып табылады. Бүгинги күнде дүньяның айырым аймақларында барған сайын кескинлесип баратырған қанлы соқлығысыўлар ҳәм қарама-қарсылықлар, терроризм ҳәм экстремизм қәўипи бизден турақлы сергек болыўды талап етпекте.
Ақыйдапарастлар ислеп атырған жынаятлары ушын жуўапкершиликке тартылар екен, жәмийетшиликти, рәсмий имам хатиблерди ҳәм ҳуқық қорғаў орган ўәкиллерин қаралаў мақсетинде инсан ҳуқықлары аяқ асты етилмекте, ҳүждан еркинлиги тәмийинленбей атыр ҳәм бизди қыйнаўға салмақта, деген түрли жалаларды тарқатып атыр. Бул дөҳметлер, әлбетте, надурыс екенлиги өз тасдыйғын таўып атырғанына қарамай, бул жалаларды шеттен турып шѳлкемлестирип атырған ҳәм қоллап-қуўатлап атырғанлар да бар.
Усы жағдайларды итибарға алған ҳалда, ҳәзирги күнде ислам дүньясының барлық алым-уламалары шерикликте муқәддес динимиздиң сап тәлийматын сап ҳалда асырапабайлаў, оның негизлерин бурмалаўға ҳәрекет етип атырған жаўыз күшлерге қарсы мәрипий усыллар менен гүресиўди зәрүрли ислерден деп есаплайди.
Динге берилгенликти көбинесе дин менен байланыстырыў ҳәм террордан пайдаланып ҳәм де мусылманлар ушын муқәддес болған ислам нықабы астында өзиниң қәўетерли ислерин әмелге асырып атырған, регионда жағдайды жаманластырып атырған бир қатар шөлкемлер искерлиги менен байланыслы ўақыяларға итибар қаратқан ҳалда, дин таныўшы алым, жәмийетлик ғайраткер Али Апшеронидиң пикирлерин келтириў орынлы. «Ислам, - деп жазады ол,- шектен тыс динге берилген революцияшыларға мүтәж емес, керисинше, ол терең ҳәм шын жүректен исенимге ийе болған, басқаша пикирлейтуғын, басқа тилде сөйлейтуғын ямаса басқа динге исенетуғын адамларға салыстырғанда кеңпейиллик ҳәм ашықлық тән болған тақыўа ҳәм қудай жолындағы адамларға мүтәж».
Жуўмақ етип айтқанда, терроризм иллетине қарсы гүресиўде заманагөй ҳуқық дәреклеринен тысқары, муқәддес динимиздиң негизи есапланған Қураны кәрийм, ҳәдиси шәриф ҳәм де уллы бабаларымыздың усынысларына әмел етсек, журтымызда тынышлық-қәтержамлықты тәмийинлеўге өзимиздиң мүнәсип үлесмизди қосқан боламыз.
Раҳматуллаҳ Файзуллаев.
Muslim.uz сайтынан Беруний районы «Султан уайс баба» жоме мешити имам-хатиби Нуратдин Юсупов таярлады.