Биз жасап турған дүнья имтихан дүньясы. Өзинен кейин жақсы ат қалдырыўды қәлеген ҳәр қандай адам бул дүньяны ийгиликли әмеллер, шырайлы қулықлар менен өткериўи лазым. Ҳәмме инсанларға бирдей жақсылық қылыў, мүриўбет көрсетиў, мийрим-шәпәәтли болыў үлкен инсаный пазыйлет есапланады. Аллаҳ таала Қураны кәриймде бенделерин мәғфират ҳәм қайырлы ислерге асығыўға буйырып, былай деген: “ Рәббиңизден болған кеширимге ҳәм кеңлиги аспанлар ҳәм Жердей (болған), тақўалылар ушын таярлап қойылған жәннетке (ийгиликли ислерди ислеў менен) асығың ” (Әли Имрон, 133-аят). Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан Жабир ибн Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте, ең жақсы иинсанлар өзгелерге пайдасы ҳәм жақсылығы жетиўши инсанлар екени зикир етилген:
яғный: “Инсанлардың ең жақсысы басқа инсанларға пайдасы көбиреги”, деген (Имам Табараний рәўияты).
Басқа бир ҳәдисте төмендегише келтириледи: “Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан: “Исламдағы ең жақсы (әмел) қайсы?” деп сорады. Пайғамбар алайҳиссалам: “Тағам бериўиң ҳәм таныған ҳәм танымаған адамға сәлем бериўиң” – деди” (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Бул дүнья өмиринде адам өз жақынларына, ҳәттеки таныған ҳәм танымаған адамларына мүмкиншилиги болғанша жақсылық қылыўы, әззилерге жәрдем бериўи ҳәм мүтәжлерге көмеклесиўи лазым есапланады. Бул ис рақалы инсан тек бул дүньяда әзиз болмастан, ал ақыретте де қәдир-қымбатқа ийе болады. Инсанның ең тийкарғы итияжы тағам екенлиги ҳәммемизге мәлим. Жоқарыдағы ҳәдиси шәрийпте тағамға мүтәж адамларға тағам үлестириў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тәрепинен жақсы инсанның белгиси сыпатында көрсетилмекте. Ал, сәлем берген ҳәр қандай адамға жуўап қайтарыў оның кеўилин көтериўи тәбийий. Бул оның итибар қылғанына ҳүрмет есапланады. Усы бир ғана кишкене мүнәсибет пенен адамларды қуўантыў, шадлық үлестириў де жақсы инсан болыўымызға себеп болады.
Аллаҳ таала Өз Кәламында жақсылықтың сыйлығы тек жақсылық болыўын баян етип, былай деген:
яғный: “Жақсылықтың сыйлығы – тек жақсылық” (Ар-Роҳман, 60-аят).
Инсанларға жақсылық қылыў ҳәм оларға пайдасын тийгизиў Аллаҳ тааланың разылығына алып барыўшы жоллардан бири есапланады. Аллаҳ таала бул ҳаққында Ҳаж сүресинде былай дейди: “Ҳәй ийман келтиргенлер! Руку қылың, сәжде қылың ҳәм Рәббиңизге ибадат қылып, жақсылық қылың, қәнекей утысқа ериссеңиз!” (Ҳаж сүреси, 77-аят).
Қураны кәриймде жақсы ҳәм ийгиликли әмеллерди қылыў ибадаттан кейинги орында келтирилди. Демек, жақсы ислерде даўамлы болыў ибадат қылыў менен тең әмел есапланды.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:“Сизлердиң жақсыларыңыз – шаңарақ ағзаларына жақсылық қылыўшырағыңыз”, деди. (Имам Термизий рәўияты). Адам жақсылықты ең алды менен өз жақынларынан баслаўы керек. Бул да инсанда жақсылық пазыйлети бар екенин көрсетеди.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан рәўият қылынған төмендеги ҳәдиске итибар қаратыўымыз керек:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Сизлердиң жақсыларыңыз – жақсылығынан үмит етилиўши ҳәм жаманлығынан аманда болыныўшыңыз” – деп айтты (Имам Термизий ҳәм Имам Ибн Ҳиббан рәўияты). Бул ҳәдисте ҳәммемиз ушын уллы бир көрсетпе бар. Мусылман адам оны билген инсанлар оннан жақсылық көриўши ҳәм оннан қәўип ҳәм қорқыў күтпеўи лазым. Буның ушын әлбетте, онда инсанларға қайырхомлық ҳәм адамгершилик табылыўы керек. Сонда ол адамлар ишинде жақсысы болады.
Ҳәдисте өзгелерге шырайлы қулық пенен қарым-қатнас қылған адам да өзинде жақсылықты жәмлеген инсан екени айтылмақта. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтады: “Сизлердиң ең жақсыларыңыз – қулқы жақсыларыңыз” (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Жақсылыққа мүнәсип жуўап қайтарыў да жақсылық белгилеринен есапланады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәдислериниң биринде айтады:
Яғный: “Сизлердиң жақсыларыңыз қарызды шырайлы орынлайтуғыныңыз” – деп айтқан (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Инсанлар жақсылығына мүнәсип тәризде жақсылық пенен жуўап бериў, ҳеш болмағанда оның ҳаққына шырайлы дуўа қылыў, оған миннетдаршылық билдириў Аллаҳ таалаға шүкир қылыўдан болып есапланады. Соның ушын жоқарыдағы ҳәдисте қарыз берген адамға қарызды қайтарыўда жақсырақ ҳәм шырайлы көринисте қайтарыў да жақсылық белгиси сыпатында келтирилип атыр. “Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына келип “Я Расулаллаҳ! Аллаҳ таалаға ең сүйкимлиси ким?” деп сорады. Сондай Пайғамбар алайҳиссалам: “Адамлардың Аллаҳға ең сүйкимлиси адамларға көбирек пайда келтиретуғыны. Әмеллердиң Аллаҳға ең сүйкимлиси бир мусылманға шадлық бағышлаўың яки оннан бир тәшўишти кетириўиң, ямаса оннан ашлықты кетириўиң я болмаса оның атынан қарызын төлеўиң. Аллаҳға ант, бир бирадарым менен бир қәжети жүзесинен бирге пияда жүриўим, мен ушын усы мешитте бир ай итикаф отырыўымнан сүйкимлирек...”, – деди. (Имам Табароний рәўияты). Аллаҳ тааланың муҳаббатына сазаўар болыў жүдә уллы дәреже ҳәм үлкен қәдир-қымбатлы мәртебе есапланады. Аллаҳ таала жақсы көретуғын инсанды аспан ҳәм жердеги ҳәмме нәрсе жақсы көреди. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте былай делинеди: “Егер Аллаҳ бир бендесин жақсы көрсе, Жәбрайыл алайҳиссаламды шақырып, “Мен пәленше бендемди жақсы көрдим, сен де оны жақсы көр”, дейди. Сонда оны Жәбрайыл алайҳиссалам жақсы көреди. Соң аспанға қарап: “Әлбетте, Аллаҳ пәленшени жақсы көрди, сизлер де оны жақсы көриң”, дейди. Сонда аспандағы ҳәмме нәрсе оны жақсы көреди. Соң Жердеги ҳәмме нәрселер де оны жақсы көреди” (Имам Муслим рәўияты).
Динимизде ҳәр ким қолынан келгенше әтирапындағы инсанларға, азмаз болса да пайда келтириўге буйырылады. Жәбир ибн Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳу төмендегилерди айтады: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге отырған едим. Бизлерден бир адамды шаян шағып алды. Сонда бир адам: “Я Расулуллаҳ! Дем қояйын ба?” деди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким сизлерден бирадарына (бир) пайда бериўге қәдир болса сондай қылсын!” деди.
ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам пайда бериўдиң түрлерин де үйреткен: Пайғамбар алайҳиссалам: “Ҳәр бир мусылманға садақа лазым”, деди. Адамлар “Я Аллаҳтың Нәбийи, ҳеш нәрса табалмаған адам не қылады?” деди. Пайғамбар алайҳиссалам: “Қолы менен ислейди ҳәм өзи пайда табады ҳәм садақа қылады”, деди. Адамлар және: “Ҳеш нәрсе таўмаған адам не қылады?” деп сорады. Пайғамбар алайҳиссалам: “Мүтәж бийшараға жәрдем береди”, деп жуўап берди. Олар және сол сораўды бергенде Пайғамбар алайҳиссалам: “Жақсы әмеллер қылсын ҳәм жаманлық қылыўдан тыйылсын. Сол оған садақа”, деди. (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Бул ҳәдистен мәлим болады, ҳәттеки басқаларға бир пайда бериўге мүмкиншилиги жоқ инсан да бул әмелдиң саўабын табыўы мүмкин екен. Ол нийетин жақсы қылса ҳәм жаманлық қылыўдан тыйылса, өзгелерге садақа менен пайда жеткергенниң саўабын алады.
Аллаҳ таала ҳәммемизди адамлар ҳәўес ететуғын, жақсылығы үмит етилетуғын ҳәм жаманлығынан аманлықта болынатуғын адамлардан қылсын! Әмийн!
Кегейли районы «Мағзан ийшан»жаме мешити имам хатиби: Арзыубай Юсупов.