“Шүкир” сөзи негизинде миннетдар болыў, рахмет айтыў мәнилеринде болып, неъматларды жалғыз Аллаҳ таъаладан деп билиў ҳәм Ол разы болатуғын көринисте жумсаўды аңлатады. Бәрше неъматлар Аллаҳ таъала тәрепинен берилиўи ҳәм оның санағын бенделер есаплай алмаслығын аяты кәриймада баян қылған. “…Егер Аллаҳтың неъматларын санасаңыз, санағына жете алмайсызлар…” (Ибраҳим 34-аят).
Ҳақыйқатында да Аллаҳтың биз бенделерине берген неъматларының есабына жетиў мүшкил ҳәм аўыр ис. Бул неъматлар ишинде биз сезген ҳәм сезбеген, билген ҳәм билмеген есапсыз неъматлар бар. Себеби, Аллаҳтың Өзи неъматымды санамақшы болсаңлар, санап ақырына жете алмайсызлар деди.
Шүкраналықта жасағанлар ҳәм усы неъматларға разылығы есесине неъматларды және де зыяда болыўын Аллаҳ ўәде бергенлигин билгенлер Қурани кариймдеги “Және Рәббиңиз жәриялағанын еслең: “Ант болсын, егер (берген неъматларыма) шүкир қылсаңыз, әлбетте, (оларды және де) зыяда қыламан. Егер нашүкирлик қылсаңыз, әлбетте, мениң азабым да қатты” (Ибраҳим. 7-оят).
Неъматларға шүкир қылмаў, нашүкирлик қылыў әлбетте неъматты кеткизеди, жоқ қылады. Соның ушын неъматқа ҳәмме ўақытта шүкир айтыў ўәжиб болады. Биз неъматлардың санағын билмеймиз. Соның ушын уламаларымыз неъматларға шүкир қылыўды 3 түрге бөлген.
- Қәлиб пенен шүкир қылыў - инсан жақсылық қылыўға жүзленеди хәм бәршеде болыўды қәлейди. Бул жерде қәлби таза, пәк болыўы керек. Қәлбинде жаманлық, көреалмаслық, душпаншылық киби иллетлер болмаўы лазым.
- Тили менен шүкир келтириў – неъмат ушын Аллаҳға мақтаў, шүкирлигин баян қылыў. Яғный тилимизде “Аллаҳым берген неъматларыңа шүкир”, “Әлҳамдулиллаҳ” деп билдирип турыў.
- Ағзалары менен шүкир келтириў – Аллаҳтың неъматларына Оның Буйрық - ибадаты жолында (намаз, ораза) жумсаў хәм олар (көз, қулақ, қол, ояқ,...) жәрдеми менен Аллаҳға гунаҳкәр болыўдан сақланыў. Мысалы намаз оқыў пүткил ағзалар менен әмелге асырылады – шүкир орынланады. Аяқтың шүкирин орынлаў ушын Аллаҳ қайтарған орынларға бармаў, биреўдиң үйине урлыққа кирмеў, зинаға бармаў. Қолдың шүкирин атқарыў ушын қолыңа қурал алып биреўди өлтирмеў, биреўге зулым қылмаў.
Инсан өзине берилген неъматларға шүкирлик келтириуиниң өзи де Аллаҳ таъаланың бир неъматы екен. Куфрана неъматтан басқаны билмейтуғын айырым кимселер арамызда бар, ҳәмийше нәшүкирлик ҳәм кѳргенсизлик етеди.
Аллаҳ таъала Өзиниң пазлы карамы менен инсан затын ақыл ҳәм саналы қылып жаратты ҳәм оған есап сансыз неъматларды берди, олардан пайдалантырып қойды. Соның менен бир қатарда өзиниң неъматларына шүкир айтыўға да буйырып, каламында шүкир қылыўшыларға неъматларын және де зыяда қылыў ўәдесин берип, былай дейди:
“Және Рәббиңиз жәриялағанын еслең: “Ант болсын, егер (берген неъматларыма) шүкир қылсаңыз, әлбетте, (оларды жәнеде) зыяда қыламан. Егер нәшүкирлик қылсаңыз, әлбетте, мениң азабым да қатты”
Бәршелеримиз Пәрўардигардың биз бенделерге берген денсаулық, пәрәўанлық, бахыт ығбал, тынышлық ҳәм қәтержәмлық киби уллы неъматларына шүкир айтсақ, қәдирине жетсек, сонда Аллаҳ ҳәм бизлерден разы болар екен. (Ибраҳим сүреси, 7-аят).
Мине усындай уллы неъматлардан бири тынышлық неъматы болып, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи уасаллам тынышлық-қәтержәмлық ең үлкен неъмат екенлигин билдирип мынадай деген:
“Еки неъмат бар, көпшилик инсанлар оның қәдирине жетпейди. Ол қәтержәмлық ҳәм денсаўлықдур”. (Имам Бухарый рәўият қылған).
Тынышлық ҳәм қәтержәмлық Аллаҳ таъаланың есапсыз болған уллы иләҳий неъматларынан бири. Солай екен, бенде биринши тынышлық, бул неъмат екенлигин, оның қәдирин билиў, ойында бәрқулла сақлап, парықлай алыўы, бул Аллаҳтың инамы екенлигин билип, ҳамд сәне айтыўы ҳәм де ҳаққысын орынлаўы зәрүр. Инсанлар тек ғана болып турған тынышлықтың қәдирине жетип, шүкирин ада қылыў, оған нәшүкирлик қылып зыян жеткериўден де сақланыўы лазым.
Ҳәр бир жәмийет өзара тынышлықта жасаўы ушын не ислер ислеўи кереклиги де исламда белгилеп қойылған. Ислам дини гөзлеген тынышлықта пүткил дүнья тынышлығына ерисиледи. Онда бәрше қәлблер тыныш, шаңарақлар тыныш, қоңсы қобалар тыныш, ағайын-туўысқанлар тыныш, ҳайўанат, өсимлик ҳәм бәрше-бәршеси тыныш болады.
Аллаҳ таъала бәршелеримизди туўры жолға баслап, неъматларына шүкир қылыўшы бенделеринен қылсын. Әмийн.
Арзыўбай Юсупов, Кегейли районы «Мағзан ийшан» мешити имам-хатиби.