Фото

Тәғдирди тек дуўа өзгертеди

02 Август, 2023 535

Айырымлар “Аллаҳым мынадай зат болса да, болмаса да” деп дуўа етеди. Мысалы, “Миллион-миллион пул бермесең де, шийрин-шекер перзентлер бер” дегенин оқып қалдым. Миллион-миллионды да, шийрин-шекер перзентлерди де сорайбериң. Алланың мүлки азайып қалмайды. Сиз қәлбиңизге сыйған барлық затлардың он есесин берсе де Аллаҳ тааланың мүлки кемшиликке ушырамайды.

Сораўдан емес, сорамаўдан уялың. Аллаҳ таала бендесиниң сораўын жақсы көреди. Көп-көп сорайбериң.

Кеңлик ўақтында көбирек дуўа етиң, Алланы еслеп көриң, сонда кемликте де дуўаларыңыз қабыл болады, Аллаҳ сизди еслейди.

Кемлик ўақтында көбирек жақсылық, қайыр-эҳсон етиң, кемлик ўақтында сизге де жақсылық, қайыр-эҳсон етеди.

Шаңарақта жүзеге келген даў, тартыс ўақтында:

“Аллаҳым! Мен ҳақ болсам өмир жолдасыма, егер өмир жолдасым ҳақ болса, маған туўры жолды көрсет!” - деп дуўа етиң.

Дуўа еткенде тек ғана “Жубайымды бахытлы етейин” деп сорамаң, “Жубайым менен бирге бахытлы болайық” дең.

Перзент тәрбиясы бойынша барлық ҳәрекетлерди етиўимиз бенен бирге дуўа да етиўимиз зәрүр болады. Қураны кәриймде пайғамбарлар атынан салиҳ (саўаплы) перзент сорап етилген бир нешше дуўалар келеди. Қараң, ҳәтте пайғамбарлар да Аллаҳтан салыҳ перзент сораўған, биз әззи бенделер буған итибарсыз болыўымыз улыўма туўры емес.

Ата-ананың перзенти ҳаққына еткен дуўасы қабыл болады. Сизде сондай қабыл болатуғын дуўа бар, оны қолланыўымыз керек!

Аллаҳым, перзентлеримизди салыҳлардан ет!

Ата-анаңыздың жағдайынан ҳәр күн әлбетте хабар алың. Жақында болса да, узақта болса да жағдайын сораң. Узақта болсаңыз, мүмкиншилиги барынша тез-тез кѳрип турың, бирақ ҳәр күн қоңыраў етиўди умытпаң. Кеминде күнине еки рет. Буннан олар жүдә кеўилли болады. Сизди дуўа етип, сизден разы болады, ин шаа Аллаҳ.

Ҳаялды шырайы ушын жақсы көрсеңиз, қәдди-қәўмети өзгерип, жүзлерине жыйрық түскенде сүймей қоясыз, бирақ дини ушын жақсы көрсеңиз, тап Ҳақтың әмрине таяр екен (намаз оқығанда, Қуран оқығанда, дуўа еткенде, ораза тутқанда) бәрҳә, ҳәмме ўақыт жақсы кѳре бересиз.

“Аллаҳым, мени ҳарамнан асыра ҳәм маған ҳадалды жантастыр. Мени саўаплы (а) жупты ҳадал менен рысқыландыр ҳәм де оның менен маған саўаплы зурриятлар ада ет!” - деп дуўа етип турыңлар, ҳүрметли бойдақ (хан) лар.

Муҳаббат бул - дуўа, дуўа бул - ибадат. Ким сени дуўада еслесе, демек, муҳаббатыңның камалына жеткезипти!

Идрисов Абдулазиз, Елликқала районы “Абдулла норинжаный” мешити имам-хатиби

Тэглер