Фото

Муфтий Бакуға кетти

21 Декабрь, 2017 1339

Бүгин, 20 декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекет мәсләҳәтшиси Рустам Камилов, Дин ислери бойынша комитет баслығы Артықбек Юсупов, Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери ҳәм бир неше уламалардан ибарат делегация Әзербайжан Республикасының Баку қаласына болып өтетуғын халықаралық әнжуманда қатнасыў ушын кетти.

Әзербайжанда 2017 жылды “Ислам бирлиги жылы” деп жәрияланыўы мүнәсибети менен усы мәмлекет басламасына көре бир қатар мәрипий жыйналыслар өткерилип келинбекте.

Усы жылы 18 октябрь күни Ташкент қаласында Әзербайжан мәмлекети менен бирге өткерилген “Ислам бирлиги: Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мысалында” атлы халықаралық конференция да усы илажлар қатарына киреди. Сондай-ақ, бул жөнелистеги әнжуманлар Испания, Туркия, Россия, Иран киби мәмлекетлерде де өткериледи.

Жыл даўамында әмелге асырылған илажлардың жуўмағы сыпатында 2017 жыл 21-22 декабрь күнлери Әзербайжан мәмлекетиниң пайтахты Баку қаласында “2017 жыл – Ислам бирлиги жылы: динлерара ҳәм мәдениятлар ара қатнас” атлы халықаралық әнжуман болып өтеди. Бунда 40 тан артық мәмлекетлерде 200 ге жақын дин алымлары, уламалары, муфтийлери ҳәм усы сала қәнигелери қатнасыўы күтилмекте.

Бул жыйналыс Ислам дини қәдириятларды асырап-абайлаў, түрли бир жақлама көз қараслардан қорғаў ҳәм мусылман мәмлекетлери арасында бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылғаны менен жүдә әҳмийетли.

Тэглер