Атийя Сақр
Мыср Араб Республикасының муфтийи
Муфтий мырза пәтиўа бериўге ҳақлы болмаған ҳәм өзлериниң пикирлеринде мутассиб болғанлығы ушын инсанлар арасында тынышсызлық туўдырып атырғанларға динниң ҳүкими қандай болатуғыны ҳаққында сораўға былайынша жуўап береди:
Аллаҳ субҳанаҳу ўа таала Исро сүўресиниң 88-аятында «Сизлерге азғана илим берилди» ҳәм және Юсуф сүўресиниң 76-аятында «Ҳәр бир илим ийесинен билиўширек Зат бар» ҳәм және Тоҳа сүўресиниң 114-аятында «Рәббим илимимди зыяда қыл» деп илимли адамлардың пазыйлетине, адам ҳәр қанша көп мағлыўматқа ийе болса да оның илими шекленген екенлигине ишара қылған.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул ҳаққында бир қанша ҳәдийс рәўият қылынған. Атап айтқанда: Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Аллаҳ илимди бенделериниң кеўилинен суўырып алып қоймайды. Лекин, алымлардың дүньядан өтиўи менен алып қояды. Сонда бир де бир алым қалмағаннан кейин, инсанлар илимсизлерди өзлерине басшы қылып алады. Олар инсанларға илимсиз ҳалында пәтиўа береди. Нәтийжеде өзлери адасады ҳәм өзгелерди де адастырады»; Және Ол зат айтады: «Пәтиўа (бериў)ге жүрексингениңиз дозақға жүрексингениңиз болып есапланады»; Имам Доримий Убайдуллаҳ ибн Жаъфардан мурсал ҳалда рәўият қылған ҳәдийсте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Ийса алайҳиссалам деди: «Ислер үш түрли болады. (Бириншиси) туўрылығы анық ис, демек оған ер. (Екиншиси) қәте екенлиги анық ис, демек оннан аўлақ бол. (Үшиншиси) онда гүманлы ис, демек оның мәселесин алым адамға қойып бер»; Және Ол: «Билмесе сорамай ма? Билмеўдиң даўасы сорап билиў ғой», — деп мәрҳамат қылған.
Келтирилген аят ҳәм ҳәдийслер инсан ҳәр қанша илим дәрежесине жетсе де бәрше илимди ийелеп алалмайтуғынлығын дәлиллейди. Қандайда бир мәселениң ҳүкимин билмеген адам оны билетуғын адамнан сораўы лазым. Бул ҳаққында имам Муслим рәўият қылған ҳәдийсте төмендегише айтылады: «Кимде ким илимсиз ҳалында пәтиўа берсе, ҳақыйқатында да, Аллаҳ ҳәм Оның Расулине жалған сөз айтқан болады ҳәмде өзин басқаларды ҳақ жолдан адастырады. Кимде-ким бир жаман сүннетти (яғный, ис, жолды) пайда қылса, әне ол қылған исиниң гүнасы ҳәм (әне сол ис)ти қыяметке шекем (қылғанларының) гүнасы оған (жазыла береди)».
Сол себептен бир кисиниң илимсиз пәтиўа бериўи ямаса оның пикиринен өзгеше болған мужтаҳидлердиң пикирлерин билмей турып өз пикиринде қатып (мутаассиб ҳалында) турып алыўы мүмкин емес. Ҳәтте Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Руўх, Үңгирде жасаўшылар (асҳобул-Каҳф) ҳәм Зулқарнайн ҳаққында соралғанында ўаҳий болмағанша жуўап бермеген. Берилген сораўларға Аллаҳ тәрепинен жуўап болып келетуғын ўаҳий кешиккенинде мушрик ҳәм басқа душпанлар тәрепинен Расулуллаҳға айтылған кемситиўлерге пәрўа да қылмаған.
Және имам Аҳмедтен рәўият қылынған ҳәдийсте Расулуллаҳ жердиң жақсысы ҳәм жаманы ҳаққында соралғанында «Жабрайылдан сорап көрмегенимше бир нәрсе демеймен», — деген. Расулуллаҳ бул ислери менен инсанларға илимди тарқатыў ҳәм сораўларға жуўап бериў ҳаққында толық үлгини көрсетип берген.
Айырым саҳабалар бир мәселе ҳаққында сораў соралса жуўап бериўге асықпай, оны басқа адамнан сораўды илтимас қылады екен. Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳу: «Мен қашан, Аллаҳтың китабынан қандайда бир ҳәриби ҳаққында Аллаҳ қәлемеген нәрсени айтсам қайсы аспан маған сая болады, қайсы жер көтерип турады ҳәм қай жерге бараман ҳәм не қыламан?», — деп айтқан.
Өткен уламалар (Салафи солиҳ) арасында «Билмеймен», — деп айтыў көп ушыраған. Хатиб ал-Бағдадий ибн Умардан рәўият қылады: «Ол айтады: «Илим үш түрли болады: сөйлеўши китап (яғный, Қуран), сүннет (яғный, ҳәмийше турыўшы, өзгермейтуғын) ҳәм «билмеймен» деп айтыў».
Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу былай дейди: «Алымның қалқаны «билмеймен» деп айтыў болып есапланады». Ибн Умардан он мәселе ҳаққында соралды, биреўине жуўап берип, тоғызына жуўап бермей, тынышлық сақлады. Имам Мәликтен 49 мәселе соралды. Сонда олардан 32 сине «билмеймен», — деп жуўап берди.
Бул алымлардың өмиринен рәўият қылынған айқын көринислер болып есапланады.
Буннан алымларға тийисли илимди жеткизиўге болған буйрықлар ҳәм егер илимди жасырса, оған қандай жаза бар екенлиги ҳаққында айтылған болса да, олардың илимсиз пәтиўа бериўден қаншелли қәўипсирегени ҳәм оған жуўапкершилик пенен мүнәсибетте болғанларын көриўимиз мүмкин.
Бул келтирилген дәлиллер аз ғана илими болған адам ушын өз шегарасын билиўи ҳәм илимди жайыўға қызығыўшылығы болған адам ушын айтатуғын сөзин анық билип, соң айтыўына үлги болыўын қәлер едим.
Соның менен бирге, илимий хызмети ықлас тийкарында болыўы, абырой ҳәм менменликтен жырақ, өзи, басқалар Исламға зыянын тийгиизетуғын жаман ой-мақсетлерден де аўлақ болыўы керек.
“Ислам мағрифаты: негиз ҳәм түсиник” китабынан.
Елликқала районы “Абдулла норинжаный” жоме мешити имам-хатиби Идрисов Абдулазиз.