Фото

«КРИПТОВАЛЮТА» ЛАР ҲАДАЛ МА?

25 Июль, 2023 457

Соңғы ўақытларда «биткоин» деп аталатуғын электрон пуллар, яғный, криптовалюталар пайда болды. Оларды доллар, евро киби басқа валюталар менен салыстырыў мүмкин болса да, олар арасында айырым парықлар бар. Ең тийкарғысы усы пуллар электрон пуллар болып, тек интернет тармағында ғана айланады ҳәм ҳақыйқый емес.

Биткоинлер арқалы тармақ пайдаланыўшылары арасында финанслық машқалалар, электрон имзалар жүритилип, онда адамлар арасында ҳеш қандай усы машқалаларды тәртипке салыўшыларсыз, туўрыдан-туўры шифрлаў арқалы әмелге асырылады. Бунда валюта бир пайдаланыўшының есабынан басқа пайдаланыўшының есабына бирден, ҳеш қандай төлем хызметлерисиз, ҳәтте банк ҳәм оған уқсас дәлдәлшыларсыз өтеди.

Бул хызметлер пүткил дүнья бойлап бар болып, ҳәр қыйлы шәрт ҳәм талаплардан тысқары ҳәмде ҳеш қандай тосықларға жолықпайды. Қашан пулға ийе болынса, оны электрон шыжлан (кощёлок) да сақлап қойылады. Кейин оларды түрли интернет сатып алыўларға қолланыў мүмкин. Доллар, евро киби валюталарға айландырыў да мүмкин. Бунда биткоинларға ийе болған пайдаланыўшы оларды сатып алмақшы болған ҳақыйқый валютасы бар басқа биткоин алыўды қәлеўши пайдаланыўшы менен питим дүзеди. Питим өз-ара келисим тийкарында дүзиледи. Демек, келисиў баҳасын пайдаланыўшылар белгилейди. Соның ушын да, биткоинлардың баҳасы тап ҳақыйқый валюта киби базарға байланыслы рәўиште өзгерип турады.

Биткоинлар дәстүрий валюталардан парықлы түрде алтын яки гүмис сыяқлы қымбат баҳалы металлардан таянышы болмайды. Бәлки, оларды пайдаланыўшылардың өзлери ислеп шығарады. “Пайдаланыўшы” дегенде, интернет тармағына байланысқан компьютерге ийе болып, биткоин менен байланыс етиўди қәлеген адам түсиниледи. Бул ис компьютерге арнаўлы программаны жүклеп алғаннан кейин әсте-ақырын криптовалюталар шығарыўды (mining) баслаў арқалы жолға қойылады. Усы процессти ислетиў арқалы пайдаланыўшы белгили бир муғдардағы биткоин электрон пулларға ийе болады. Бул пуллар оған компьютерине орнатылған программаның есап имканиятларын жаңа валюта ислеп шығарыўда пайдалана алыўы нәтийжесинде келеди.

Солай етип, ҳәр бир пайдаланыўшы қасында белгили муғдардағы криптовалюталар пайда болады. Оларды пайдаланыўшылар арасында мәлим алгоритм тийкарында бөлистириледи, бунда базарда бар биткоин валюталарының улыўма баҳасы 21 миллион биткоиннен артып кетпеўи керек. Сондай-ақ, жоқары ислеп шығарыў қуўатына ийе болған компьютер ийелерине валюталардан өнимлериниң ислеп шығарыў лимитине сай түрде көбирек тийеди.

Биткоинлар ҳаққындағы ҳәзирги заман уламаларының пикирлерине қаралса, Мысыр Араб Республикасындағы «Дорул-ифто» (Пәтўа үйи)ниң пикирине көре, Биткоин ҳарам. Себеби, сол пуллар ҳақыйқый негизге ийе болмаған виртуал пуллар болыўы менен адамлар ҳәм ҳәттеки мәмлекетлер көлеминдеги қәўиплерден тыс емес. Саудия Арабстанындағы «Ҳайъати киборил-уламо» (Үлкен уламалар жәмийети) не көре де сол валюталар менен мәмиледе болыў ҳарам. Себеби, Исламда ҳарам етилген қумар ҳәм түрлише қәўипке тийкарланған ойынлардағы алданыў дәрежеси биткоинлар менен мәмиле етиўдеги қәўиплерден кем.

Жоқарыдағылардан бүгинги күнде алымларымыз тәрепинен биткоинлар менен мәмиле ҳаққында руқсат жоқлығы мәлим болмақта.

Ўаллаҳу аълам.

Абдикаримов Рахматулло. Тахиатас районы «Муҳаммад Мурат ийшан» жоме мешити имам-найыбы.

Тэглер

Сергеклик