Алдын хабар берген едик, 18 декабрь күни Өзбекстан Мусылманлары басқармасы Уламалар кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти. Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усманхан Алимов жыл даўамында диний салада болған өзгерислерди жыйналғанларға айтып өтти.
Муфтий Усманхан Алимов сөзи даўамында журтымызда баспадан шығып атырған диний әдебиятларға да тоқталып өтти, усы күнлери Мысыр Араб Республикасындағы «Дәрус-сәләм» баспаханасы ҳәм Әзҳәри шәрийф қасындағы илимий академия менен Қураны кәриймди баспадан шығарыў бойынша келисимге ерисилип, өзимиздиң баспаханамызда Қураны кәриймди басып шығарыў ушын жумыслар алып барылып атырғанын айтып өтти.
Еслетип өтемиз, айтылған мағлыўматларға қарағанда 2017 жыл 90 ға жақын диний әдебиятлар 670 мың нусқада баспадан шығарылған.