1. Арафа күни түнде, яғный, ҳайт күнине ѳткер кешесин ибадат пенен өткериў.
Ҳайт күнине ѳтер түнди Қуран тиләўаты, зикр, тасбиҳ ҳәм нәпил намазлар менен өткериў үлкен саўапларға себеп болады. Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўасаллам: “Ким еки ҳайт түнлерин Аллаҳтан саўап умитинде қайым қылса, қәлблер өлетуғын күнде оның қәлби өлмес”, деген (Ибн Можа, Табараний рәўияты).
2. Ғусыл (жуўыныў) қылыў. “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Фитр, Азҳо ҳәм Арафа күнлери ғусыл етер еди” (Ибн Можа рәуияты).
3. Ең жақсы, жаңа ямаса таза кийимлерди кийиў.
4. Хош ийисли әтирлерди себиў.
5. Қурбан ҳайты намазына шығыўдан алдын ҳеш нәрсе жемеў. “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Рамазан ҳайтында аўқатланбастан шықпас еди, қурбанлық күнинде болса намаз оқығанға шекем аўқатланбас еди” (Имам Термизий рәўияты).
Еслетпе! Базылар Қурбан ҳайтында ҳеш нәрсе жемей намазға шығыўды надурыс түсинип, күнниң алдынғы ярымына шекем оразаны нийет етиў керек, дейди. Усының менен бирге, сол күни сәҳәрликке турады ҳәм аўзын нийет пенен жаўып намазға шығады. Ҳайт намазы оқып болынғаннан кейин болса, ифтарлық (аўыз ашар) тағыдай аўызын ашады. Бундай қылыў надурыс. Ҳайт күнлеринде оразаны нийет етиў ҳарам әмел есапланады. Қала берсе, ярым күнге ораза нийет етилмейди.
6. Мешитке мүмкиншилик болса пияда ҳәм ертерек барыў. “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам еки ҳайт намазына пияда жүрип барар еди” (Ибн Можа рәўияты).
7. Жолда таҳлил (Ләә иләҳә илләллаҳ), такбир (Аллаҳу акбар) ҳәм таҳмид (Әлҳәмдулиллаҳ) айтыў. “Аллаҳу акбар, Аллаҳу акбар, Ләә иләҳә иллаллаҳу Аллаҳу акбар, Аллаҳу акбар ўә лилләәҳил ҳамд”.
8. Ҳайт намазынан алдын басқа қандайда бир нәпил намаз оқымаў. Мешитке барғаннан кейин таҳийятул мешит ямаса басқа қандайда бир нәпил намаз оқымастан зикр етип отырыў керек.
9. Намазға бир көшеден барып, басқасынан қайтыў. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сондай етер еди.
10. Ҳайт пенен қутлықлаў. Саҳабалар: “Тақоббал Аллаҳ минна ўә минкум (Аллаҳ бизден де, сизден де қабыл етсин)”, деп бир-бирин байрам менен қутлықлар еди.
11. Шаңарақ ағзаларының кеўиллерин кѳтериў. Шаңарақта байрам кейпиятын пайда етиў, саўғалар бериў керек.
12. Ағайын-туўысқанларды, жасы үлкенлерди зиярат етиў.
13. Таныс-билис, яр-дос, қоңсы-қобаларды байрам менен қутлықлаў.
Даврон НУРМУҲАММАД
Muslim.uz сайтынан Хожели районы «Муҳаммад Карим» мешити имам-хатиби Хожамуратов Темурбек таярлады.