Фото

Истиғфар ҳаққында

13 Июнь, 2023 585

Аллаҳ таала: «Рәббиңизге истиғфар айтың! Әлбетте, Ол - (бенделерине) кеширимли. (Сонда истиғфар айтсаңыз,) ол аспаннан үстиңизге (берекетли) көп жаўын жаўдырады, сизлерге мал-дүнья ҳәм бала-шаға менен жәрдем береди. Сизлер ушын бағларды (пайда) етеди ҳәм дәрьяларды (пайда) етеди», - деген («Нуҳ» суреси, 11-аят).

«Истиғфар» сөзиниң сөзликтеги мәниси «жасырыў» ҳәм «үстин жабыў», дегени. «Аллаҳ мәғфират қылды» дегени «гүнаны жасырды», дегени. Истиғфар - гүнаның кеширилиўин сораў.

Истиғфар уламалар қолланыўында - дуўа, тәўбе ҳәм басқа ибадатлар менен гүнаның мағфират қылыныўын сораў.

Әмелде бендениң «Әстәғфируллаҳ» ҳәм усы мәнидеги сөзлерди айтып, кеўли менен тастыйықлаўы истиғфар болады. Улыўмалық мәниде истиғфар диндарлықты аңлатады.

«... (Сонда истиғфар айтсаңыз,) ол аспаннан үстиңизге (берекетли) көп жаўын жаўдырады, сизлерге мал-дүнья ҳәм бала-шаға менен жәрдем береди. Сизлер ушын бағларды (пайда) етеди ҳәм дәрьяларды (пайда) етеди».

Имам Әбул Баракат Насафий өзиниң «Мәдарик» деген белгили тәфсиринде усы аяты кәрийманың түсиндирмесинде төмендеги қыссаны келтирген:

Ҳәзирет имам Ҳасан Басрий өз даўиринде бир топар адамлар менен сөйлесип отырса, бир адам келип, қурғақшылықтан арыз етипти.

Ҳәзрет имам Ҳасан Басрий «Истиғфар айтың», деп мәсләҳәт берипти.

Екинши бир адам келип, жарлылықтан, ал үшинши адам келип перзентсизликтен арыз етипти. Олардың ҳәммесине «Истиғфар айтың» деген мәсләҳәтти берипти.

Сонда, имам менен бирге отырғанлардан Рабийь ибн Суҳайб ҳәзирети Ҳасан Басрийге мүрәжаат етип:

«Ҳәй имам, сизге түрли адамлар түрли нәрселерден арыз етти, ал сиз ҳәммесине бирдей жуўап бердиңиз, буның себеби не?» - депти.

Ҳәзирети имам бул сораўдың жуўабына жоқарыда келтирилген аятларды оқып берипти.

Усы аятта истиғфар ҳәм ырысқлардың бир-бирине байланыслылығына ишара қылынбақта. Қураны кәриймниң көплеген аятларында қәлб пәклиги, диндарлық ҳәм ҳидаятта жүриўден ырысқының моллығы, пәрәўанлық ҳәм суўдың мол болыўы келип шығыўы айтылған. Сонлықтан аяты кәриймаға муўапық шын қәлибтен истиғфар айтсақ жәмийетимизде суўсызлық, қурғақшылық басқа да бағларымыз, дәрьяларымыздың қурып жоғалыўының ҳәм де перзентсизлик деген бахытсызлық пайда болмаўына үлкен себеп болады.

Аллаҳ бәршемизди өзине шын қәлибтен истиғфар айтатуғын бенделеринен қылсын.

Алламбергенов Дауранбек, Шымбай районы «Хан» жоме мешитиниң имам-хатиби.

Тэглер

Садақа