«Жиҳад» сөзи араб тилинен аўдарма етилгенде «ғайрат қылыў», «ҳәрекет етиў», «умтылыў», «бар күшин сарыплаў», «гүресиў», «мийнет етиў» сыяқлы мәнислерди аңлатады.
Бәршемизге белгили, тарийхта жүз берген ҳәр қандай жиҳад, тек ғана, қорғаў мақсетинде алып барылған. Егер «жиҳад» ислам мәмлекетин қурыў ушын ямаса инсанларды динге кириўге мәжбүрлеў ушын енгизилгенде еди, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның өзи буған үлги көрсеткен болар еди. Яғный, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам биринши болып Мәккадеги мүшриклердиң үлкенлери менен урысатуғын, гүресетуғын ислам мәмлекетин қурыў ушын жиҳад жәриялаған болар еди. Бирақ Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бундай жол тутпады. Керисинше, мусылман жәмийети тыныш жол менен, тәбийий рǝўиште жүзеге келгеннен кейин, душпан мусылманлар жасап турған журтына басып келгенде мусылманларды қорғаўы ушын ғана жиҳадқа шыққан. Барлық Ислам уламалары бул жердеги жиҳад қорғаў ушын болғанлығын атап өтпекте. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қандайда бир мәмлекетке бастырып бармаған, бийгүна инсанларды өлтирмеген. ϴлтириў ол жақта турсын ҳәтте қол да көтермеген.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам адамларға азар бериўден қайтарған. Оларды биреўлерге азар бермеўге шақырған. Зулым шеккенлердиң дуўсы қабыл болыўын айтқан. Ҳақыйқый мусылман адам басқаларға азар бермеўин атап өткен. Атап айтқанда Имам Бухарий рәўият еткен ҳәдисте: «Тили ҳәм қолынан басқалар азап шекпеген адам ҳақыйқый мусылман болады. Аллаҳ таала қайтарған ислерден қайтқан инсан ҳақыйқый мѳмин», деген.
Умму Анас разияллаҳу анҳадан рәўият етилген басқа бир ҳәдисте болса: «Гүнаҳлардан тыйылған, ǝне сол ҳижраттың ең үлкени болып табылады. Парызларға әмел еткен, ǝне сол жиҳадтың ең абзалы болып табылады. Зикрди көбейттирген, Қыямет күни Аллаҳ тааланың алдына барғында оған ең маҳбуб яғный мақул әмел сол болады», деген.
Солай екен, «Жиҳад» сөзи сөзликте адам өзиниң бар мүмкиншилиген иске салып, қандайда бир исти орынлаўға ҳәрекет етиў мәнисин аңлатады. Шǝрий мәселелерде шешиўде бар имканиятын иске салып ҳәрекет еткен уллы илимпазлар «мужтаҳид» деп аталған. Олар шǝрий илимлерде «жиҳад» еткен.
Айрықша атап айтыў керек, «жиҳад» сөзи сөзликте урыс мәнисин аңлатпайды. Араб тилинде урыс мәнисин аңлатыўшы «қитол» сөзи қолланылады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ата-ананың хызметин етип, разылықларын алыў да жиҳад түрлеринен екенин айтып өткен. Уламалар саўатсызлық, ериншеклик, айырым жуғымлы кеселликлерге қарсы пидайы гүресиўди де жиҳад түрлеринен, деп есаплаған.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, инсаният мәпи жолында, этикамизды жақсылаў жолында қылатуғын ҳәрекетлеримиз де жиҳадтың саўаплығына тең саўаплы әмеллерден екенин аңғарыўымыз мүмкин.
Мақсуд Акрамов.
Қарақалпақ тилине Даўытбай Беканов таярлады.