Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Кегейли районындағы «Ийшан қала» мешитине жума намазына барды

09 Июнь, 2023 463

Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов Кегейли районындағы «Ийшан қала» мешитинде болып, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, Журтбасшымыздың қарақалпақ диярына келиўи, оның халық пенен ушырасып, жасаў шараятлары менен жақыннан танысыўы, ѳзиниң ибратлы пикир ҳәм усынысларын бериўи, елимизде әмелге асырылып атырған кѳплеген реформалардың инсан мәпи ушын хызмет етиўи, сондай-ақ, ҳүкиметимиз тәрепинен алыс аймақ турғынларының да социаллық жағдайын жақсылаў ушын үлкен итибар берилип атырғанлығы ҳаққында мысаллар менен айтты ҳәм жума намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер

Закат