Фото

Ҳаждың пазийлети

02 Июнь, 2023 442

Өзиниң мусылман бенделериниң қәдир болғанына ҳаж ибадатын парыз қылған Аллаҳ таалаға ҳамду сәнелер болсын.

Ҳаж ибадатын үмметлерине үйретип, көрсетип берген Пайғамбарымызға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.

Исламның бес парызының бири болған ҳаж ибадатының пазийлети оғада уллы болып есапланады. Ҳаж ибадаты ҳаққында Пайғамбарымыз с.а.ў. өзиниң мүбәрек ҳәдислеринде баян қылады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: Набий с.а.ў. «Ким де ким Аллаҳ ушын ҳаж қылса, бузық сөз айтпаса, пасықлық, бузғыншылық қылмаса анасы туўған күндегидей қайтады» деди. Яғный, ҳаж дәўиринде уят сөзлерди айтпай бузғыншылық қылмай жүрген адамлар анасынан туўылғандай бийгүна ҳалына қайтады. Бул ҳақыйқатты ҳажға барыўшы ҳәр бир адам кеўлине сиңдирип алыўы керек. Ҳаж ибадаты инсанның өмиринде бир мәрте берилетуғын ибадат екенин билип ҳәр бир ҳажы буннан өнимли пайдаланып қалыўы керек. Сол себептен ҳажға барыўдан алдын өзине керекли болатуғын нәрселерди ҳәм де ҳаж рукнлерин пуқта үйренип алыўы лазым болады. Бендениң үйрениўи керек болған нәрселердиң ең әҳмийетлилери жоқарыдағы ҳәдисте баян қылынған. Ҳажды нийет еткеннен баслап ҳаж даўамында бир аўыз бузық сөз сөйлемей, пасықлық, бузықшылық ислемей жүрсе сол бенде иншаАллаҳ мақсетине жетеди. Ҳажды нийет етип эҳрам байлаған бенде сол ўақыттан баслап ҳаж әмеллерин орынлап боламан дегенше ибадатта болады. Сол ушын да Пайғамбарымыз с.а.ў. өзиниң мүбәрек ҳәдисинде айтады, және сол инсаннан рәўият қылынады: «Умрадан кейинги умра екеўиниң арасындағы нәрселерге каффарат болады. Мабрур ҳаждың сыйлығы жәннеттен басқа нәрсе емес» - деди. Бул рәўиятта да умраның ҳәм ҳаждың пазийлети ҳаққында сөз барып атыр. Кейинги умра өзинен алдыңғы умрадан берли исленген Аллаҳ тааланың ҳаққына тийисли болған мәлим гүналардың жуўылып кетиўине себеп болады екен. Егер ҳажы мабрур болса, оның сыйлығы жәннеттен басқа нәрсе болмас екен.

Ҳажы мабрур - жүзекилик ҳәм гүна ислерден азат болған, сақыйлық ҳәм де шырайлы қулық пенен орынлаған ҳаж. Ҳаж қылатуғын адам жәннетти кәсип етиў ушын теңи-тайы жоқ үлкен имканиятқа ийе болады. Ҳаж қылыўшы динимиздиң бес рукнынан бири болған бул үлкен ибадатты орынлаў пайтында жүзекилик ҳәм гүна ислерден азат болса, сақыйлық ҳәм де шырайлы қулық пенен орынласа усы ўәде етилген нәрсеге ериседи.

Бул ҳәм алдын келген ҳәдислерден ҳаж ибадатының басқа ибадатлар қатары әдеп-икрамлылық мәселесине қаншелли байланыслы екенин көремиз. Мусылман адам бул ибадатты орынлаў ўақтында да өзиниң әдеби ҳәм қулқын ысқылап жылтыратыў имканына ийе болады.

Аллаҳ таала ҳәммениң ҳажын қабыл еткен болсын! Әмин!

Шымбай районы «Хан»

жоме мешитиниң имам-хатиби Алламбергенов Дауранбек

Тэглер

Ҳаж