Ақыйда мәселелеринде де ҳǝдден зыят берилген салафийлер «ҳижрат етпегенлер кәпир» деген сɵзин адамлар ишинде кең тарқатқан ҳәм тарқатып жүрмекте. Олар бул түсиникти мәселе дәлил ҳәм ҳүжжет пенен түсинбеген ямаса түсинседе тǝн алмайтуғынлар болып табылады. Бузғыншыға қаратылған, ирткиши, бузғыншы топар ҳәм ағым ўәкиллери тәрепинен кәпир журтында турыў күфир болып табылады, ҳижрат қылыў парыз болып табылады деген пикир уқтырылған. Бирақ қайсы дәлил буны талап етиўин ҳәм ең әҳмийетлиси, ҳижратты қай жерге етиўин баяны келмеген.
Ҳәким ибн Муоўиядан, өз атасынан рәўият еткен ҳәдислеринде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтады: «Мусылманның барлығы мусылманға ҳарам болып табылады. Олар еки бир-бирине жәрдемши бирадар. Аллаҳ таала мүшриктен, мусылман болғанынан кейин сол мүшриклерди тәрк етип мусылманларға келмегенше, әмелди қабыл етпейди», деди». Насаий ҳәм Ибн Ҳиббон рәўият еткен.
Әҳли Сүнна ўәл жәмәәт раддиясы: Ибн Аббос разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи уасаллам: «Фатҳтан кейин ҳижрат жоқ», деди». Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўият еткен.
Алымлар бул ҳәдис улыўма ҳәм өзинен алдын келген ҳижратқа дәрек етиўшилерди насиҳ етиўши болып табылады, дейди. Соның менен бирге, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам мусылман болған арабларды ϴзлери тәрепине ҳижрат етиўге әмир етпеген ҳәм өз журтларында турыўын бийкар етпеген». Бул, такфиршылардың сɵзине күшли радия болады.
Әлбетте, ҳижратқа тийисли дәлиллер тек жоқарыда баян етилгенлерден ибарат емес. Бул мәселе бойынша олардың ҳәммесин үйренип шыққан уламалар төмендеги ҳүкимди баянлаған.
Журтымызда бүгинги күнде мусылман халқымыз ушын мешитлердиң хызмет етип турғанлығы, Журтымыздағы ул ҳәм қызлар ушын орта-арнаўлы ислам билим журтлары, Ташкент ислам институты ҳәм Ташкент ислам Университети, соның менен бирге, мәмлекетимизде қурылып атырған ислам мәденият ҳәм руўхыйлық орайлары, Журтымыз бойлап барлық орынларда диний ибадатлар емин-еркин орынланып атырғанлығы, исеним еркинлигиниң инсанды қуўандыратуғын дәрежеде кең тәмийинленгенлиги. Бузғыншылыққа қаратылған топар ҳәм ағым ўәкиллериниң ғǝрезли идеялары негизсиз екенлигин көрсетеди.
Алымлар айтады: Бас солай, екен, тийкарынан мусылман болған еллерде намазын оқып, оразасын тутып, басқа өзине фарзи айн болған ҳүкимлерге әмел етип жүрген мусылманларды «Ҳижрат етпесең, кәпир боласаң!» деў қәте болып табылады.
Акбарали Юсуфжонов.
Muslim.uz сайтынан Даўытбай Беканов таярлады.