Жақында сизлерге Өзбекстанда Ислам динин терең үйрениў мақсетинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Ислам академиясы ашылып атырғанын жәриялаған едик. Бундай академияның ашылып атырғанына жүдә көпшилик қуўанышқа бөленген еди.
Енди және бир хошхабарды еситип, кеўлимиз оннан да жоқары көтерилди. Бул академияға биринши болып қабыл етилген ким екенин билесиз бе?
Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты қазысы, устазымыз Шамсуддин Баҳауддинов усы жаңадан дүзилип атырған Ислам академиясына биринши болып қабыл етилди.
Бул академияда басланыўына 2 жыл магистратура оқыўы болып, 2018-2019 оқыў жылына Өзбекстан бойынша 16 адамлық квота белгиленген. Магистратурадан кейин докторантура басқышы да болады.
Академия “Қурантаныў”, “Фиқҳ илими”, “Ҳәдистаныў” ҳәм “Кәлам илими” қәнигеликлери бойынша магистрларды, сондай-ақ, усы салада терең изертлеўлер алып барыўшы илимий ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлайды.