Фото

Дүньяның ҳақыйқатлары

01 Май, 2023 452

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.

Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.

Бул дүнья ҳеш қашан турақлы иқомат мәканы болмаған ҳәм ҳеш кимге ўапа етпеген.

Адамлар ақыретти умытты ҳǝм оны еле де тезирек умыттыратуғын сарайлар, виллалар, зǝўлим үйлер қурды, әзиз өмирин тек мал-дүнья топлаў ушын жуўырыў менен өткерип жибермекте. Өткинши арзыў-ҳәўеслер, ысырап ҳәм дәбдебели тойлар ушын мың қыйыншылық пенен пул жыйнап, бир майданда саўып, жоқ қылды. Нәтийжеде, өзлери ушын да жасамады. Денсаўлықларын ойламады. Илим-билим алыў, руўхый әлемлерин байытыў ҳаққында бас қатырмады. Ақыры, өмирин сарп етип, жыйнап-терген мал-дүньясының да мазасын тата алмай, оларды бир майданда таслап кетти.

Дүнья неъматларынан тек ақырет ушын пайдаланған инсан жеңиске ериседи. Дүнья қолайлықларын илими, тақўасын күшейтиўге жумсаған адам жеңиске ериседи. Дүньяда өзге журтқа ўақтынша жумыс пенен барған мүсǝпирдей өзин тутқан инсан жеңиске ериседи. Дүньяда Аллаҳ өзине садақа еткен байлық ҳәм неъматлардан өзгелерге садақа еткен ҳәм нǝпсин тыйған инсан бахытқа ериседи, тақўаға жетиседи. Аллаҳтың билими, ықласы ҳәм муҳаббатына ылайық болады.

Уллы саҳабий Абдуллаҳ ибн Умар разияллаҳу анҳума айтады: Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам еки ийнимнен услады ҳәм «дүньяда ғǝрип-мүсǝпир ямаса жолаўшы сыяқлы бол», деди.

Ҳǝдиси шǝриф даўамында оқыймыз: Ибн Умар разияллаҳу анҳума: «Қас қарайтырсаң таңды күтпе. Таң аттырсаң шамды күтпе. Денсаўлығыңнан қәстелигиң ушын, тирилигиңнен өлимиң ушын алып қой», дер еди.

Имам Бухарий рәўияты.

Бул ҳәдиси шǝриф болса пайдалы нәсиятты өз ишине алған уллы ҳәдислерден болып табылады. Егер ол ҳаққында ойласақ, өзимиз ушын бир әлем мәнислер есигин ашқан болар едик.

Итибар бериң, айтылатуғын гәп қаншелли зәрүрлигинен, қаншелли үлкен ескертиўди өз ишине алғанлығынан Набий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Абдуллаҳ ибн Умар разияллаҳу анҳуманың бир емес еки ийнинен услап алды ҳәм нәтийжеде айтажақ сөзлерине дыққат етиўи, жан қулағы менен тыңлаўы кереклигин уқтырды. Бул сөзлер оның пүткил геўдесине сиңсин, қан-қанына аралассын, кейининен өмирин өзгертсин:

«(Ҳǝй Абдуллаҳ), Дүньяда ғарип-мүсǝпир ямаса жолаўшы сыяқлы бол!».

Қысқа, бирақ әлемлерге татырлық гǝплер. Дүньяның ҳақыйқатын, оның түп мәнисин ашып беретуғын жетик сөз. Ҳәм әйне ўақытта, мѳмин адам дүнья менен қандай мәмиле етиўи дурыс екенлигин аңлатыўшы сөз.

Мейли, дүньядан пайдалан, несийбелеринен пайда ал, бирақ бул жер сениң тийкарғы мәканың емес, соны бил. Солай екен, тийкарғы итибарыңды ҳақыйқый үйиңди абаданластырыўға қарат, ақырет сапарыңдағы ўақтынша бәндирги ўазыйпасын өтип атырған дүнья аталмыш бул орында тийкарғы мақсетиңди естен шығарып қойма, оның жалтыр-жултырлығына қызығып, ўақтыңды утқызба. Бәлки, бул жерде адамларға жақсылықлар ет, қапа кеўиллерге қуўаныш бағышла, муңлы жүзлерге мыйық тарт. Аллаҳға таатта бол, ибадат ет, илим ал, кеўилиңди жүзекилик, күншиллик, менменлик, сықымарлық, ашкөзлик сыяқлы иллетлерден тазала ҳǝм бул дүньяны Жәннетке алып баратуғын кѳлик ет.

Бул дүньяға қатты байланысып, узын әрманлар қурма. Бәлки, ўақытты ғәниймет бил. Егер кеш кирсе, оның ушын Аллаҳға ҳамд айт ҳәм сол тәртипте таң да аттыраман, еле узақ жасайман, солай екен, мазза етип ойнаб-күлип алайын деме. Саўлық-саламатлықта таң аттырсаң кеште де тап сондай болады, деп кибирге алданба.

«Денсаўлығыңнан қәстелигиң ушын, тирилигиңнен өлимиң ушын алып қой!».

Инсанның өмири бир ырғақта даўам етпейди. Гейде саў, ғайратлы болады, гейде қәстеленеди. Солай екен, саналы адам денсаўлығы жақсы күнлерин келешекте өзи ушын пайда келтиретуғын ислерге сарыплап, ғәниймет биледи. Денсаўлығыңнан қәстелигиң ушын алып қой, дегени сол. «Тириликтен өлим ушын алып қойыў» да сондай. Тири ўақтымызда ѳлгенимизден кейин бизге пайда келтиретуғын ислерди көбейтирип, өзимизден алдын ақыретке саўаплы ислерди жиберип турыўымыз зәрүр болады.

Қǝбирстан босағасында сондай жазыў бар еди: «Мал-дүньяңды өзиң менен бирге бул жерге алып келе алмайсаң... Бирақ, оларды өзиңнен алдын жибериўиң мүмкин».

Бул - қайырқомлық ҳәм қаржылай жақсылықтың ең шырайлы сыпаты еди.

Алишер Султанходжаев

Islam.uz сайтынан Қоңырат районы «Ҳǝким Сулайман» жоме мешити имам-хатиби Рахат УМАРОВ таярлады.

Тэглер