Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мәжилислер залында Рамазан ҳайытына таярлық кѳриў, мешит әтирапларын абаданластырыў бойынша жыйналыс болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Орынбасары Р.Нуразизов қатнасып, Ѳзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен орынлардағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳүкиметимиз есабынан Умра зияратына барып келиўи, оларды қоллап қуўатлаў, сондай-ақ бүгинги күнде елимиздеги сиясий мапаз Конституциялық реформалардың ѳткерилиўи инсан мәплериниң қәдирлениўи, бул 30-апрель күни болып ѳтетуғын Референдум ертенги жарқын келешегимиздиң тийкары екенлигин айтып, Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен жыйналыс қатнасыўшылары алдына бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, Рамазан ҳайытына тарлық кѳриў, мешитлерде қолай шараятлар жаратыў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, 30-апрель күни болып ѳтетуғын улыўма халықлық Референдумға белсене қатнасыў бойынша айрықша қоқталып ѳтти. Референдум – бул ертенги айдын келешегимиздиң негизи екенлиги, ондағы ѳзгерис ҳәм қосымшалар инсан мәплери ушын хызмет етиўи ҳаққында айтып ѳтти.

Ушырасыўға бәрше мешитлердиң имам-хатиблери, имам-найыплары ҳәм мутаўәллилери қатнасты.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты