Фото

Миссионерлик ҳәрекети - жәмийет ушын қәўипли

15 Апрель, 2023 571

Динимизде мөмин мусылман ушын шәрият жолын дурыс услаў айрықша әҳмийетке ийе. Ҳәр биримиз туўылғанымыздан өмирден өткенимизге шекем муқаддес динимиз буйырған жолға әмел етип жасаймыз. Ата-бабаларымыз дин жолын беккем тутқанлығы себепли жәҳән цивилизациясына үлес қоса алды. Аллаҳ таала өзиниң Қураны Кәрийминде сондай деп келтиреди: «Бүгин мен сизлердиң диниңизди кәмил қылып бердим,сизлерге неъматымды толық бердим,сизлерге Исламның дин болыўына разы болдым». (Майда сүреси, 3-аят).

Соңғы ўақытлары миссионерлик ҳәрекети дүнья бойлап диний экстремизм, фундаментализм, терроризм ҳәм нәшебентлик сыяқлы глобал машқалалардан бирине айланып бармақта. Оған қарсы гүресиў пүткил дүньяның машқаласына айланды. Миссионерлер кимлер?

Бул сөз латын тилиндеги "missio" сөзи тийкарында қәлиплесип, бизиң тилимизде "жибериў", "ўазыйпа тапсырыў" ал миссионер болса, "ўазыйпаны орынлаўшы" мәнисин билдиреди. Миссионерлик болса белгиленген ўазыйпаны орынлаўға қаратылған ҳәрекет есапланады. Миссионерлик ҳәрекети тек ғана идеологиямыз ушын қәўипли болып қалмастан, динимиз азадалығы ушын да өз зыянын тийгизеди. Миссионерлик бир диний исенимдеги халықлар ортасында басқа бир диндеги үгит-нәсиятлаў. Миссионерлик христианлыққа тән. Ал пролетизм - қандай да бир динге исенген адамды өз дининен кешиўге ҳәм өзге динди қабыллаўға мәжбүрлеў. Миссионерлик динлер ортасындағы тәбийий тең салмақлықтың бузылыўына, өз-ара қарама-қарсылықлардың келип шығыўына себеп болатуғын нызамға қарсы болған иллетлерден бири. Өз дининен кешип, түрли секталар жолынан жүргенлердиң жәмийетимизде ушырасып атырғаны әлбетте, тәшўишли жағдай. Секта тек ғана өзин "өмирге жеткериўши" деп билетуғын, негизине келгенде белгили бир сиясий-экономикалық мақсетлерди гөзлейтуғын топар. Миссионерлик ҳәрекети ағзалары үлкен орталықларға кирип барып,қарым-қатнас мәденияты менен тәсир өткереди. Олардың тәсир етиў усыллары: қайыр-сақаўат көрсетиў, билим бериў тараўларын ийелеў, жас әўладты жолдан адастырыў. Аллаҳ таала бенделерин бундай жолдан қайтарып: "Сен ҳәй китап ийелери! Диниңизде наҳақлық қылып ҳәддиңизден аспаң. Алдын өзлери адасып (кейин) көпшиликти адастырып, туўры жолдан шыққанлардың ҳаўайы нәпсилерине ермең", (Маида сүреси, 77-аят) - деп сергекликке шақырады.

Бүгин миссионерлик өз шөлкемлестириўшилик тийкарларын жаратыўда көбинесе китап басып шығарыў, мәмлекетлик емес шөлкемлер аты менен жумыс алып барыўға, қайырқомлық жумысларын шөлкемлестириўге урынбақта. Президентимиздиң 2018-жыл 16-апрельдеги "Диний-ағартыўшылық тараўын түптен жетилистириў ис иләжлары ҳаққында"ғы Пәрманы менен Өзбекстан мусылманлар басқармасы жанынан "Вақф" қайырқомлық жәмәәт фонды дүзилиўи менен көп ғана кем тәмийнленген шаңарақлар, мүтәж пуқараларға материаллық жәрдем көрсетип киятырғанлығы жәмийетимиз тынышлығын бузыўға урынатуғын ғәрез нийетлилердиң өз искерлигин әмелге асырмаўына себепши болып атыр. Дин миллет руўхыйлығының белгили бир бөлеги, миллетти бирлестирип турыўшы күш есапланады. Миссионерлик ҳәм пролетизм менен шуғылланыўшыларға Өзбекстан Республикасы Конститутциясының 31-статьясында "Диний көз-қарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қойылмайды" - деп белгилениўи миссионерлик ҳәрекетине байланыслы ҳәрекетлер жүз бергенинде жынайый жуўапкершиликке тартылыў көрсетилген. Сондай-ақ, миссионерликке қарсы гүресиў мәселелери Өзбекстан Республикасының "Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында"ғы нызамында да белгилеп қойылған. Бул нызамда көрсетилген талаплардың бузылыўына жол қойған шахслар белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылыўы да атап өтилген. Миссионерлердиң көбеймеўи, динимиздегилер қатарының артыўы ҳәм ийманы беккем болыўы ушын ҳәр биримизден үлкен жуўапкершилик ҳәм итибарлылық талап етиледи. Биз динимиз көрсеткениндей, жақынларымызға итибарлы болыўымыз, халқымызға динимиздиң кең пейиллигин, тазалығын инсан қәдирин жоқары тутыўын түсиндириўимиз тийис. Миссионерлердиң қәўипли нийетлеринен сергек болайық!

Рахимжан Тлеубаев.

Мойнақ районы «Тоқпақ-ата» жәмәәт мешити имам-хатиби.

Тэглер

Сергеклик