Зәкат Исламның бес шәртиниң үшиншиси болып, шәриятта парыз етилген әмел есапланады. Зәкат Мадинада екинши ҳижрий сәнеде Рамазан айынан алдын парыз етилди. Оның аты Қураны Кәриймде отыздан аслам жерде, соннан жигирма жетисинде намаз бенен бирге зикр етилген. Аллаҳ таала былай дейди: «(Ҳәй мөминлер) Намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм пайғамбарға бойсының. Қәнекей, (сонда) рейим қылынсаңыз. (Нур сүреси, 56-аят).
«Зәкат» сөзи «пәклик», «өсиў» мәнислерин билдиреди. Шәрият бойынша зәкат арнаўлы мал-мүлктен қандай да бир бөлегин Аллаҳ разылығы ушын мүлк етип бериў. Ол жылына бир мәрте малы нысабқа жеткен адамның малының қырқтан бир бөлегин ажыратып, мискин яки мүтәжлерге бериўи. Садақа, шаңарақ напақалары, инәм етилген саўғалар зәкатқа кирмейди. Зәкат ийманы бар мусылман адамға Аллаҳ тәрепинен буйырылған муқаддес ўазыйпа ҳәм иләҳий көрсетпеге бола шәрият жолындағы ибадат саналады. Шәрият шәртлери бойынша зәкат намаз ҳәм ораза ибадатлары ортасында, ийман ҳәм намаздан кейин, оразадан алдын турады. Абу Ҳурайра (р.а) дан рәўаят етиледи: «Бир адам Муҳаммад (с.а.ў) алдына келип: «Маған бир әмел келтириң, оны орынлап жәннетке кирейин» - деди. Сонда Пайғамбарымыз: (с.а.ў) «Аллаҳға ибадат етесең ҳәм оған ширк келтирмейсең. Парыз намазыңды орынлайсаң, зәкатыңды бересең. Рамазан оразасын тутасаң» - деди. «Жаным қолында болған Аллаҳтың аты менен ант етейин, буннан зыядасы болмайды» - деди. Ол кеткеннен соң Пайғамбарымыз (с.а.ў): «Кимге жәннет әҳлинде бир адамға нәзер салыў қуўандырса, буған нәзер салсын» - деди. (Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўаяты).
Зәкатта ибадат мәниси менен қатар уллы инсаныйлық идеялар, әдеп-икрамлылық көринислери, руўхый қәдириятлар да өз көринисин тапқан. Зәкаттан тийкарғы мақсет-инсанды мал-дүньядан үстин етиў ҳәм бақыллықтан қорғаў. Өйткени, Пайғамбар Муҳаммад алайҳи ўа саллам бақыллықтан көп панаҳ сораған.
Зәкат бериў мал-дүньялы адам тәрепинен Аллаҳтың бергенлерине шүкир етиў. Зәкат оны бериўшини адамды, оның байлығын да пәклеп турады. Аллаҳ таала сондай дейди: «(Ҳәй Муҳаммад) Олардың мал-дүньяларынан садақа ал. Буның менен оларды пәклейсең, тазалайсаң ҳәм олардың ҳаққына дуўа қыл. Әлбетте сениң дуўаң олар ушын - тәселле. Аллаҳ - Еситиўши, Билиўши. (Тәўбе сүреси, 103-аят).
Зәкаттың бир аты-садақа. Демек, зәкат мусылманлардың мал-дүньясын пәклеў менен бирге руўхый дүньясының тазаланыўы ушын зәрүр болып, мал-дүньясы көбейиўине, ең баслысы берекетли болып, түрли апатлардан сақланыўына себеп болады. Аллаҳ таала быйылғы жылда беретуғын зәкатларымызды өз дәргайында қабыл етсин!
Рахимжан Тлеубаев.
Мойнақ районы «Тоқпақ-ата» жәмәәт мешити имам хатиби.