Нәпил ораза тутыў саўаплы ис, бирақ жылдың ҳәмме күнинде де ораза тутыўға болмайды. Ораза тутыўға болмайтуғын күнлер бул – еки ҳайыт, ташрийқ күнлери, ҳажға барғанлар арафа күни, Шаъбанның екинши ярымы, шак күнлери, тек жума күни ямаса тек шемби күни.
Ҳайыт күнлери – бул Рамазан ҳәм Қурбан ҳайыты. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам еки күнниң: “Қурбанлық ҳәм Рамазан ҳайыты күнлеринде ораза тутыўдан қайтарды». Демек, Қурбан ҳайыты күни ҳәм Рамазан ҳайыты күни ораза тутып болмайды.
Ташрийқ күнлери – бул Қурбан ҳайытынан кейинги үш күн. Себеби, сол күнлери ҳажылар Минада турып, қурбанлығы сойылғанынан кейин гөшин қуяшқа қойып кептирген. «Ташрийқ»тың мәниси қуяшламада кептириў дегени. Нубайша Ҳузамий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ташрийқ күнлери жеп-ишиў ҳәм Аллаҳ тааланы зикир қылатуғын күнлер», деди». Демек, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жеп-ишиў күнлери, деп жәриялаған ташрийқ күнлери ораза тутыў мүмкин емес екенин билемиз. Жоқарыдағы еки ҳәдисте айтылған бес күн булар – Рамазан ҳайыты, Қурбан ҳайыты ҳәм қурбан ҳайытынан кейинги үш ташрийқ күнлери болып, бул күнлерде ораза тутыў мүмкин емес. Тек ғана ҳажда таматтуъ ҳәм қиран ҳажын нийет қылғанлар ушын онда да сойыўға қурбанлығы жоқ болыў шәрти менен руқсат берилген.
Ҳаждағылардың арафа күни ораза тутыўы – Нәпил оразалар ҳаққында айтқанымызда арафа күни ораза тутыўдың саўабы үлкен екенин билип алған едик. Бирақ, ҳаж сапарына барғанлар бул күни ораза тутыўы мүмкин емес. Уқба ибн Амир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Арафа күни, қурбанлық күни ҳәм ташрийқ күнлери биз – әҳли Ислам дининиң байрамы. Ол – жеп-ишиў күнлери», деди.
Шаъбанның екинши ярымында ораза тутыў – Нәпил оразалар ҳаққында айтқанымызда Шаъбанның биринши ярымында ораза тутыўдың саўаплы әмел екенин айтқан едик. Бирақ, Шаъбанның екинши ярымында яғный 16-сәнесинен баслап ақырына шекем ораза тутыў мүмкин емес, бул күнлери тутылған оразалар мәкириў болады. Бул ҳаққында Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Қашан Шаъбан ярымына жетсе, ораза тутпаң», деп айтқан.
Шак күни оразасы – Шак күни деп Рамазан айының биринши күни ме? ямаса Шаъбан айының отызыншы күни ме? нәмәлим болып турған күнге айтылады. Сила разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Аммар ибн Ясирдиң алдында едик. Отта писирилген қой әкелинди. Ол: «Алыңлар», деди. Адамлардың айырымлары артқа жылжып: «Мен тутықпан», деди. Сонда Аммар разыяллаҳу анҳу: «Ким адамлар шак қылған күни ораза тутса, ҳақыйқатында, Әбиў Қасым саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бойсынбапты», деди». «Әбиў Қасым» Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның кунясы. Бул рәўият бойынша, шак күни ораза тутыў мүмкин емес, деп есапланады. Бул да Шаъбанның ақырында ораза тутыў қадаған етилгенлиги себепли. Шак болып турғанының үстине айырым бир адамлар ораза тутып алса, қалғанлары қолайсыз аўҳалға түседи, арада түрли түсинбеўшиликлер, гәп-сөзлер, ҳәттеки урыс-жәнежеллер де келип шығыўы мүмкин. Соның ушын мусылманлардың аўызбиршилигин сақлаў мақсетинде ҳәмме ораза тутпаса жақсы болады. Ертеңине ҳәмме барабар Рамазанның биринши күни бүгин, деп ораза тута береди.
Жоқарыдағы ҳүкимнен, яғный шак күнлери ямаса Шаъбанның екинши ярымында әдетте ораза тутып жүргенлер ғана ораза тутса болады. Бул ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Рамазаннан бир-еки күн алдын ораза тутпаң. Тек ғана кимниң әдетленген оразасы болса, тутсын», деди. Ораза ибадаты Ислам дини келмесинен алдынғы илаҳий динлерде де болғанлығы ҳаққында алдынғы темаларымызда айтып өткен едик. Сол илаҳий диндегилер өзлерине парыз қылынған оразаның қайсы күни басланыўына шубҳа қылып, бир-еки күн алдын тутатуғын еди, ақыбетте нәпил ибадат пенен парыз ибадатты араластырып жиберетуғын еди. Ислам дининде буған уқсас екилениў, нәпил менен парызды араластырып жибериўге руқсат жоқ. Мусылманлар ҳәр бир ибадатты анық қылып, нәпилди нәпил орнына, парызды парыздың орнына қойып орынлайды. Соның ушын да Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан айы кириўинен алдын бир-еки күн қалғанда ораза тутыўдан қайтарған. Бирақ, ким мәлим бир күнлерде, мысалы дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери нәпил ораза тутып жүриўге әдетленген болса, сол әдетленген күни Рамазаннан алдынғы күнлерге туўры келип қалса, онда тутса болады.
Тек жума күни нәпил ораза тутыў – Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳеш бириңиз жума күни ораза тутпасын. Тек оннан алдын ямаса кейин тутсаңыз болады», деди. Усы ҳәдис бойынша, тек жума күнин ажыратып алып, ораза тутыўға болмайтуғынлығын билемиз. Жума күнинен алдын бир күнди қосып, яғный пийшемби-жума қылып ямаса изинен бир күнди қосып, яғный жума-шемби қылып ораза тутылса, дурыс болады.
Тек шемби күни нәпил ораза тутыў – Жума күниниң өзин ажыратып алып нәпил ораза тутыўға болмағанындай, шемби күниниң өзин ажыратып алып, ораза тутыў да мүмкин емес. Бул ҳаққында «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Шемби күни сизлерге парыз қылынған оразадан басқа ораза тутпаң. Егер бириңиз бир дана жүзимниң қабыршағын ямаса теректиң шақасын таўса да оны сорып алсын», деди.
Даўамлы ораза тутыў. Ким болса да көбирек саўап аламан деп тоқтатпастан жыл бойы ораза тутаман, деп нийет қылыўы дурыс болмайды. Себеби, динимиз инсаниятқа қыйыншылық туўдырыўшы емес. Буннан көре ҳәдисте айтылған әмелди қылыў абзал болады. Әлбетте, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам инсаниятқа қайсы әмелди қылса жақсы болатуғынын жақсырақ биледи. Абдуллаҳ ибн Әмир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мениң, мен тири екенмен, түнлери намаз оқып, күндизлери ораза тутаман, дегеним ҳаққында айтылыпты. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бул гәпти сен айттың ба?» деди. «Ҳақыйқатында да, мен айттым, я Расулуллаҳ», дедим. «Сен буған қәдир бола алмайсаң, арасында ораза тут, арасында аўзың ашық та болсын, арасында уйқыла, арасында ибадат пенен өткер. Ҳәр айдан үш күн ораза тут. Себеби, бир жақсылық он есе бериледи. Ал, бул жыл бойы оразаға тең», деди. «Мен оннан абзалына да тақат қыламан», дедим. «Бир күн ораза тутып, еки күн аўзың ашық жүрсин», деди. «Мен оннан көбирегине қәдирмен, я Расулуллаҳ», дедим. «Бир күн ораза тут, бир күн аўзың ашық болсын. Бул Даўыт алайҳиссаламның оразасы. Ол ең жақсы ораза», деди. «Мен оннан көбирегине де тақат қыла аламан», дедим. «Буннан абзалы жоқ!» деди».
Ислам дининиң дәслепки дәўиринде мусылманлар ықласлы болғанлықтан илажы барынша көбирек ибадат қылыўға, көбирек саўап табыўға, Аллаҳ тааланың разылығына ерисиўге ҳәрекетлер қылған. Ҳәр бир инсан ибадатларды белгиленген тәртипте шырайлы етип орынлаўы мақсетке муўапық.
“Оразаның пазыйлети” китабынан