Фото

Мусылманлар басқармасында Уламалар кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти

20 Декабрь, 2017 1330

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти. Жыйналыс басында Қураны кәрийм аятлар тиләўат етилди, қайырлы дуўалар етилди. Жыйналыста өтип баратырған жыл даўамында диний салада әмелге асырылған кең көлемли ислер сынға алынды, ерисилген утыслар ҳәм алдынға қойылған ўазыйпалар терең додаланылды, уламалар ҳәм имам хатиблер алдында турған әҳмийетли мәселелер ортаға тасланды. Бул ҳаққында УМИ ахборот хабар береди.

Муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери шығып сөйлеген сөзлеринде Мәмлекетимиз басшысының диний-мәрипий саўатханлығын асырыў, Ислам дининиң ийги тәлиматларына шақырыў, илимсизликке қарсы билим менен гүресиў, динимизди қорғаў жолындағы басламалары мөмин-мусылман халқымызды жүдә қуўандырып атырғанын айрықша айтып өтти.

Сондай-ақ, жуўмақланып атырған жыл мөмин-мусылманлар ушын жүдә көп жаңалықлар болғаны, солардан, жаңа мешит-медреселер ашылғаны, илимий орайлардың шөлкемлестирилгени, диний тәлим журтларына талабалардың қабыл квотасы асырылғаны, жоқары маъҳадта сыртқы бөлимниң ашылғаны, ҳаж ҳәм умра зыяратшыларының санының көбейтирилгени, онлайн сабақлар болып атырғаны ҳәм басқа да әҳмийетли ислер ҳаққында мағлыўматларды жыйналыс қатнасыўшыларына айтты.

Жыйналыста Уламалар Кеңеси шеңберине кириўши басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы атынан Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты қазысы устазымыз Шамсуддин Баҳауддинов қатнасты.

Тэглер