Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.
Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.
«Тараўеҳ» сөзликте «дем бериў» мәнисинде келген «тарўеҳа» сөзиниң көплик кѳриниси. Түсиндирмеде Рамазан айында хуфтан намазының сүннети ҳәм витр намазы ортасында оқылатуғын намазға қолланылади. Намаздың ҳәр төрт ракатинен кейин тоқтап, дем алынғаны ушын «тараўеҳ» деп аталған.
Тараўеҳ намазы жигирма рǝкат болып, ер ҳǝм ҳәйеллер ушын сүннети муаккада болып табылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким Аллаҳтан саўап үмит етип, Рамазан намазын (Тараўеҳты) оқыса, алдынғы гүнәлары кешириледи», деп баян еткен (Бухарий, Муслим рәўияты).
Ҳǝзирет Умар разияллаҳу анҳу халифа болғаннан соң, адамларды тарқалған ҳалда Тараўеҳ намазын оқып атырғанын көрип, бул намазды жәмǝǝт пенен оқыўды енгизди («Муўатто», 84). Ҳазрати Әлий разиялаҳу анҳу да: «Умар мешитлеримизди Тараўеҳтың пайызы менен нурландырып атырғандай, Аллаҳ та Умардың қǝбирин сондай нурландырсын», деп дуўа етип, бул истен кеўили толғанларын билдирген.
Абдурраҳман ибн Абд Қорийдан рәўият етиледи: «Бир түн Рамазанда Умар ибн Хаттаб разияллаҳу анҳу менен бирге мешитке бардым. Қарасақ, адамлар тарқақ, топар-топар: кимдур жалғыз өзи намаз оқымақта, кимдур намаз оқып атырса, бир топар адам оған уйып намаз оқымақта. Сонда Умар: «Менимше, егер булардың бир қарыйдың изинен жыйнасам, жүдǝ шырайлы болар еди», деди. Кейининен бир шешимге келип, оларды Убай ибн Кəб разияллаҳу анҳудың изине жыйнады. Кейин басқа бир күни де кеште оның менен мешитке бардым. Адамлар өз қарыйларының намазына уйып намаз оқыр еди. Умар: «Бул қандай жақсы бидъат! Олар уйқылайтуғын ўақыт түнги ибадат ететуғын ўақыттан (ибадат ушын) абзалдур», деди. Ол түнниң ақырын нәзерде тутып атырған еди. Адамлар болса оннан алдын да түнги ибадатларын етер еди» (Бухарий рәўияты).
Бул рәўияттан мәлим болады, саҳабаи кирамлар Рамазан кешелерин Қураны Кǝрийм тилǝўаты менен, оны намазда қирǝǝт етиў менен өткерар екен.
Ой-пикир: Умар ибн Хаттаб разияллаҳу анҳудың «Бул қандай жақсы бидъат!» деген гәпин уламалар еки қыйлы түсинген:
а) Лексикалогиялық мәнисте, яғный «Бул қандай жақсы жаңалық болды» деген мазмунда.
б) Истилаҳий мәнисте, яғный тийкары шәриятқа муўапық болған, Китабу сүннеттен балқып шыққан жаңа әмел ‒ «бидъати ҳасана» мәнисинде.
Ҳǝзирет Умар, ҳǝзирет Усман ҳәм ҳǝзирет Әлий разияллаҳу анҳум дәўирлеринен баслап, ҳәзирги күнге шекем Тараўеҳ намазы жигирма рǝкат оқылады. Саҳабалардан ҳеш бири буған инкар етпеген, уламалар тәрепинен де сол кѳринисте оқыў қабыл етилген.
Ҳүкми
Рамазон айында Тараўеҳ намазын оқыў ер адам ҳәм ҳәйеллерге сүннети муаккада. Тараўеҳ намазын жәмǝǝт пенен оқыў сүннет болып табылады.
Ўақты
Тараўеҳ намазы хуфтан намазының сүннетинен кейин витр намазынан алдын оқылады.
Нийети
«Тараўеҳ намазын (ямаса сол ўақыттың сүннетин) жүзимди Кəбаның бир тәрепине қаратып, қалыс Аллаҳ ушын оқыўды нийет еттим», делинеди.
Рǝкатлар саны
Тараўеҳ намазы жигирма рǝкат болып табылады. Ҳәр еки рǝкаттан кейин сәлем бериледи.
Ҳәр төрт рǝкаттан кейин, яғный еки тǝрепке сәлемнен кейин ҳәм де витр намазынан алдын төрт рǝкат намаз оқыў муғдарыша дем алынады. Дем алыста, қәлесе, тәспеҳ ямаса таҳлил айтады ямаса тыныш өтиради. Тәспеҳ айтыў мустаҳаб болып табылады.
Тараўеҳ намазының ҳәр еки рǝкатиниң биринши рǝкатинде имам ҳәм қәўим сǝне дуўасын оқыйды. Имам тааўўуз ҳәм тасмия айтады. Руку ҳәм сужуд тәспеҳлери үш мǝртеден айтылады.
Қирǝǝти
Барлық намазларда, атап айтқанда, Тараўеҳ намазында да қирǝǝтти тǝжўид талапларына муўапық қылыў парыз болып табылады. Қирǝтте даўыстың шырайы емес, оның туўрылығы зәрүрли болады. Сол себепли қирǝтти туўры етиўши адам имамлыққа өткериледи. Тараўеҳ намазы даўамында Қураны Кǝриймди бир мǝрте хатым етиў сүннет болып табылады. Салаф уламаларымыз, Лǝйлатул қǝдир үмитинде Рамазан айының жигирма жетинши кешеси Тараўеҳында хатым етиўди мақул көрген. Оның ушын Қураны Кǝрийм аятлары 540 рукуға бөлинип, мусҳафларға белги қойылған.
Барлық намазлардағы сыяқлы Тараўеҳ намазында да жәмǝǝттиң көп болыўы абзал болып табылады. Сол себепли имам Тараўеҳ намазында жәмǝǝттиң сабыр-тақатына қарай қирǝǝт етиўи керек. Мутааххир уламаларымыз жәмǝǝттиң сабыр-тақатынан келип шығып, Тараўеҳ намазында бир узын ямаса үш қысқа аят оқыў мүмкиншилигине, яғный Аср ҳәм Ықлас сыяқлы сүрелерди оқыў жайызлығына пәтиўа берген.
Бул орында соны атап өтиў керек: Тараўеҳ намазында, жәмǝǝтке мәлел келеди деген ойда намаздың сүннетлери ҳеш тǝрк етилмейди. Салаўат оқылады. Салаўаттан кейинги дуўаны оқымаў керек.
Рамазан айы даўамында витр намазы Тараўеҳ намазынан кейин жәмǝǝт пенен оқылады.
«Фатавои Қозихон», «Мажмаъул фатво», «Раддул мухтор», «Дуррул мухтор», «Маслакул муттақин» китаплары тийкарында таярланды.
«Ҳилол» журналының 3 (36 ) санынан.
Islam.uz сайтынан Хожели районы «Пирим ийшан баба» мешити имам-найыбы Тайыров Қурал таярлады.