Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан қудсий ҳәдис рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таала: «Адам баласының бәрше әмели өзи ушын, тек ораза ғана Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен Өзим беремен», деди. Ораза сақлаўшы. Қашан бириңиз оразадар болса, жаман сөз сөйлемесин, бақырып-шақырмасын. Егер биреў оны сөксе ямаса урысса, мен оразадарман, десин. Муҳаммадтың жаны қолында болған Аллаҳ таалаға ант, әлбетте, ораза тутқан адамның аўзынан шыққан ийис Аллаҳтың алдында мушк ийисинен де хош ийислирек. Оразадарға еки қуўаныш бар. Ол екеўин де көреди. Қашан аўыз ашса қуўанады ҳәм қашан Рәббисине тутқан оразасы менен жолықса қуўанады», деди».
Басқа бир рәўиятта: «Адам баласының бәрше әмели (саўабы) көбейтип бериледи. Бир жақсылыққа оның он есесинен жети жүз есесине шекем асырылады. Аллаҳ таала, «Ораза Мен ушын. Оның сыйлығын Мен беремен. Ол (Адам баласы) шаҳўатын мен ушын тәрк етеди», деди», делинеди.
Ҳәдис Аллаҳ тааланың ўәдеси менен басланбақта: «Адам баласының бәрше әмели өзи ушын, жалғыз ораза Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен – Өзим беремен». Яғный, бенде оразадан басқа бәрше ибадатларды орынлаўы менен оған инсанлар тәрепинен қандай да бир жақсылық жетиўи мүмкин. Мысал ушын айтатуғын болсақ, намаз оқыған адамға басқалардың ҳүрмети, итибары артады, зәкат, садақа қылған адамға ҳеш болмағанда оның зәкатын, садақасын алыўшы дуўа қылады. Ҳаж қылғанларды айтпасақта болады. Оларды адамлар «Ҳажы ата», «Ҳажы ана» деп көклерге көтереди. Буннан олар қуўанады, қылған ибадаты ушын қандай да бир муғдарда сыйлықланып атырғандай болады. Буның нәтийжесинде хожакөрсинлик болып қалыў қәўпи туўылады.
Ал, ораза ибадатында ондай емес. Бенде жалғыз Аллаҳ таала ушын нәпсине қарсы турып, жеп-ишиўден тыйылады. Адамлардан хүрмет итибар күтпейди. Хожакөрсинлик қылмайды. Егер ол адамлардың итибарын қәлеп, хожакөрсинлик қылғанда еди, ол адамлар көзинен аўлақ жерде оразасын қәлегенше жеп-ишкен болар еди. Себеби, адамлар оны көрмеген, билмегени ушын оны оразадар деп ойлап, ҳүрмет-иззетин орнына қоя берген болар еди. Демек, ол әне сондай адамлар көзинен узақта да оразасын ашыўдан қайтты ма, ол жалғыз Аллаҳ таалаға тақўа қылыпты, оның жазасынан қорқыпты. Сонлықтан да оразаның сыйлығын Аллаҳ тааланың өзи береди, иншааллаҳ!
Ҳәдис даўамында гүна ислерден сақланыўға, орынсыз гәп сөзлер қылмаўға шақырады. Ҳәтте, сени ким сөксе ямаса урмақшы болса, өзиңниң оразадар екениңди еслет те кет! Бул сен қылған ең туўры ис екенин айтады. Бул гәпиң менен сен өзиңди де, оны да бийҳүрмет қылыўдан, Аллаҳ тааланың ибадаты ушын бекитилген аўыздан жаман сөзлердиң шығыўынан, оразадар адамға мүнәсип болмаған ислерди қылыўдан сақлайсаң.
«Муҳаммадтың жаны қолында болған Аллаҳ таалаға ант, әлбетте, ораза тутқан адамның аўзынан шыққан ийис Аллаҳ тааланың алдында мушктиң ийсинен хош ийислирек». Ҳәдисте айтылған бул сөз ораза ибадатының қаншелли уллы екенин көрсетеди. Адам аўқатланғаннан соң аўқатты сиңдириў ўақтында аўыздан жағымсыз ийис шығады. Оразадар адамда бул ийис узақ ўақыт аўқатланыўдан үзилгени ушын көбирек сезилиўи мүмкин. Аллаҳ таала бул жағдайдан оразадар бенделери қолайсызланыўын қәлемейди. Сонлықтан оларға бул ийис Аллаҳ алдында сүйикли екени ҳаққында айтады.
«Оразадарға еки қуўаныш бар. Ол екеўин де көреди. Қашан аўзын ашса қуўанады ҳәм қашан Рәббисине тутқан оразасы менен жолықса қуўанады».
Әлбетте, күн бойы ашлықтан, шөлден қыйналған адам, ифтар ўақты келгенде ҳақыйқый қуўанышты, рәҳәтти сезеди. Кеўли толып тасады, күш киреди. Буны бәрше оразадар адам өзинде көреди.
Ал, екинши қуўаныш бириншисинен де уллырақ ҳәм қуўанышлырақ болады. Ол Аллаҳ таала олар ушын таярлап қойған сыйлыққа ерисиў ўақты болады. Аллаҳтың берген сыйлығынан абзал нәрсе бар ма өзи? Сонлықтан да бенде екинши рет өзиниң тутқан оразасынан қуўанышлы болады.
Және бир ҳәдиси шәрийфте: «Қашан Рамазан айының биринши түни болса, шайтан ҳәм өз басымша жинлер кисенленеди. Дозақтың есиклери жабылады. Олардан ҳеш бири ашылмайды. Жәннеттиң есиклери ашылады. Олардан ҳеш бири жабылмайды», делинген.
Рамазан айы Қуран түсирилген ай. Ҳәдисте айтылғанындай шайтан ҳәм жинлер кисенленеди, олар адамларды жолдан адастыра алмайды. Адамлар тек нәпси менен ғана гүреседи. Жәҳәннем есиклери жабылады, ҳеш бири Рамазан жуўмақланаман дегенше ашылмайды екен.
Рамазан айының және бир үлкен пазыйлетлеринен бири бул – ким бул айдағы оразаны ийман менен тутса, оның өткен гүналарының кеширилиўи. Бул ҳаққында Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын ийман менен саўап үмитинде тутса, оның өткен гүналары кешириледи», деди.
Оразадарлардың дәрежеси Аллаҳ тааланың алдында жоқары болады, олар жәннеттиң арнаўлы «Раййан» деген есигинен киреди. Саҳл разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жәннеттиң бир есиги Раййан, деп аталады. Қыямет күни оразадарлар оннан киреди, олардан басқа ҳеш ким кирмейди. «Оразадарлар қай жерде?» делинеди. Кейин олар оннан киреди. Қашан олардың ақырғысы кирсе, ол жаўылады. Олардан басқа ҳеш ким кирмейди», деди».
Әбиў Умама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте айтылады: Я Расулуллаҳ маған бир исти көрсетиң, мен оны қылсам, Аллаҳ таала оның менен маған пайда берсин, деди. Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сен өзиңе оразаны лазым тут, оның уқсасы жоқ», деди.
Демек, кимде-ким Аллаҳ таала тәрепинен берилетуғын көптен-көп пайдаларға ериспекши болса, онда көп ораза тутыўы керек екен.
Рамазанда ораза себепли Аллаҳ таала раҳматын жаўдырады. Убада разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: «Аллаҳ таала раҳматын жаўдырып, қәтелерин кеширеди, дуўаларды ижабат қылады».
Оразадарлық тоқталмастан болатуғын ибадат. Әбиў Алия раҳимаҳуллаҳ деди: «Оразадар ғыйбат етпесе, онда оның уйқысы да ибадат».
Ибраҳим Нахаий раҳимахуллаҳ айтқан: «Рамазан айының бир күниндеги ораза мың күнлик ибадаттан, ол айда айтылған бир тасбиҳ басқа айларда айтылған мың тасбиҳтен, ол айда оқылған бир рәкәәт намаз басқа айларда оқылған мың рәкәәт намаздан да абзал».
Ең абзал садақа – Рамазан айындағы садақа. Анас разыяллаҳу анҳу деди: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға: «Садақалардың абзалы қайсы», – деп сорағанда: «Рамазан айындағы садақа» - деп жуўап берген».
Гүна ҳәм жәҳәннем жалынынан қорғаўшы да бул – ораза. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «... Ораза – қалқан...», деген.
Ораза инсанды сабыр-тақатқа үйретеди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Рамазан айы – сабыр айы», деген.
Оразадар Аллаҳ тааланың муҳаббаты ҳәм жақсылығына ериседи. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу деди: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таала: «Бенделеримниң ишинде Маған сүйиклиси ифтарлықты кирген ўақтында қылғаны», – деди», деп айтқан». Яғный, ораза тутып, ўақтында аўызын ашқанлары дегени.
Ораза тутқан адамда еки қуўаныш бар. Әбиў Хурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: «...Ораза тутқан адам ушын еки қуўаныш бар: бири аўыз ашқан ўақытта, екиншиси Аллаҳ таалаға жолыққанда...».
Ораза тутқан адамның дуўасы қабыл болады. Әбиў Хурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Үш дуўа қайтарылмайды: ораза тутқан адамның аўыз ашардан алдыңғы дуўасы…» – деди».
Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтты: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳәр бир ораза тутыўшының аўыз ашардан алдын қабыл болатуғын дуўасы бар. Ол бул дүньяда бериледи ямаса ақыретке сақлап қойылады» – деди».
Рамазан айындағы умра қылғанның саўабы ҳажға барабар делинген. Анас разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Рамазандағы умра ҳажға тең» ямаса «Мениң менен бирге ҳаж қылыўға барабар» – деди».
Ораза қыямет күни оразадар ушын шәпәәтши болады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Ораза ҳәм Қуран қыямет күнинде бенде ушын шәпәәт сорайды. Ораза: «Рәббим мен оны жеп-ишиў ҳәм шаҳўатынан тостым, мениң ол ҳаққындағы шәпәәтимди қабыл қыл!» –дейди. Қуран: «Мен оны түнлери уйқыдан тостым, мениң ол ҳаққындағы шәпәәтимди қабыл қыл!» – дейди. Соннан кейин олардың шәпәәтлери қабыл қылынады».
Ораза тутқан адамның гүналары Рамазан айының ақырғы түнинде кешириледи. Әбиў Хурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Рамазан айында үмметиме басқа үмметлерге берилмеген бес артықмашлық берилди: ораза тутқан адамның аўзынан келген ийис Аллаҳ тааланың алдында мушкдан да хош ийисли; Периштелер оразадар ушын ифтарлыққа шекем Аллаҳ тааладан мәғфират сорайды; Аллаҳ таала жәннетти безейди ҳәм оған: «Солиҳ бенделеримниң үстиндеги қыйыншылық ҳәм азапларды таслап сениң алдыңа келиўине аз қалды» – дейди; Бул айда жинлер кисенленеди, басқа айда қылған ислерин (ўас-ўасасын) ете алмайды; Рамазанның ақырғы түнинде оразадардың гүналары кешириледи». Саҳабалар: «Я Расулуллаҳ, ол түн Қадр түни ме?» – деп сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Яқ, лекин мәрдикар жумысын орынлаған соң саўабы толық етип бериледи», – деди.
Ораза – бендениң жәннетке кириўине себепши. Бир адам Расулуллаҳ салаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: «Мени жәннетке алып киретуғын әмелге буйырың, – деди. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ораза тут, себеби оның теңи жоқ», деди. Ол адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына екинши мәрте барып алдынғы сораўын берди. Сонда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған және: «Ораза тут!» – деп жуўап берди.
Ораза – инсанды жәҳәннемнен узақластырады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ жолында бир күн ораза тутқан бендеден Аллаҳ жәҳәннемди жетпис жыллық қашықлыққа узақ қылады», – деди.
Ораза тутқан адам ушын Арштың астына дастурхан жайылады. Анас разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Ораза тутқан адамлардың аўзынан мушк аңқып турады ҳәм олар ушын Арштың астына дастурхан жайылады. Қыяметте адамлар есап-санақ қылынып атырғанда, ораза тутқан адамлар зыяпатта отырады»; «Аллаҳтың көз көрмеген, қулақ еситпеген ҳәм инсанның ойына келмеген дастурханы бар. Оның дөгерегинде тек ораза тутқан адамлар ғана отырады». Сол ўақытта есап-санақ қылынып атырған адам: «Рәббимиз, биз есап берип атырмыз, неге олар зыяпатта отырыпты?» – деп сорайды. Оларға: «Олар ораза тутқанында, сизлер ораза тутпаған едиңиз», деп жуўап бериледи екен.
Ораза тутқан адамға жәннетте әжайып үй бериледи. Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жәннетте сыртынан иши, ишинен сырты көринетуғын ханалар бар», деди. Саҳабалар: «ол ханалар кимлер ушын?», деп сорады. Расулуллаҳ салаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Жақсы сөз сөйлеген, аўқат берген, даўамлы ораза тутқан ҳәм түнлери адамлар уйқыда болғанда намаз оқығанлар ушын» – деди».
Пaйғaмбaрымыз саллaллаҳу aлaйҳи ўa сaллaм айтты: «Ким Рaмaзан айы кирип кeлиўинен қуўанса, Aллаҳ оның денесин дозаққа ҳарам қылып қояды».
Нәбий саллaллаҳу aлaйҳи ўa сaллaм aйтты: «Рaмaзан айының биринши түни болғанда, Aллаҳ aйтaды: «Ким Бизди жақсы көрсе, Биз де оны жақсы көремиз. Ким Бизди тaлaп қылсa, Биз де оны талап қыламыз. Ким Бизден мәғфирaт сорaсa, Биз де оның гүналарын Рaмaзан ҳүрметинен кеширемиз».
Рәўият қылыныўынша, Ибраҳим алайҳиссаламға түсирилген қатарлар (сaҳифa) Рaмaзан айының биринши кешесинде нәзил болған. Ибраҳим алайҳиссаламның сaҳифaлaрынaн жeти жүз жыл кeйин Рaмaзанның алтыншы түнинде Таўрат нәзил болған. Тaўраттaн бeс жүз жыл кeйин Рaмaзанның он екинши түнинде Забур нәзил болғaн. Зaбурдaн бир мың еки жүз жыл кeйин Рaмaзанның он сегизинши түнинде Инжил нәзил болған. Инжилден алты жүз жигирмa жыл кeйин Рaмaзанның жигирмa жeтинши түнинде Қураны кәрийм нәзил болғaн.
Ибн Aббас разыяллаҳу анҳу былай деген: «Мeн Рaсулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер үмметлерим Рамазандағы пазыйлетлерди билгенде еди, жылдың ҳәммеси Рамазан болыўын әрман қылған болар еди», дeгенин еситтим». Себеби, Рaмaзандaғы ибадатлар ҳәм дуўалaр қабыл болады, гүналaр кешириледи, жәннет ораза тутыўшыларды күтип турады.
Ҳaфс aл-Кaбир Даўыт aт-Тoийдaн рәўият қылған: «Рaмaзан айының биринши түнинде уйқы үстин келип, уйқылап қалдым. Түсимде жәннетте дүр-яқытлaрдaн болғaн бир дәрьяның алдындa отырған екенмен. Тосаттан көзим ҳүрлерге түсип қалды. Олaр жүзинен нур тaрaтып, тап қуяшқа уқсап турар еди. Сондa мeн: «Ләә илаaҳa иллaллоҳ, Муҳaммaдур рaсулуллаҳ», дeдим. Олaр да дәрҳал:«Ләә илaаҳa иллaллоҳ, Муҳaммaдур рaсулуллаҳ», дeп сөзимди қайтарып: «Бизлер Рaмaзан айындa ораза тутатуғынлар, ҳaмд айтатуғынлар, руку ҳәм сәжде қылатуғынлар ушынбыз», дeди».
Пaйғaмбaрымыз Муҳaммaд саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былaй дeген: «Жәннет төрт түрли адамды күтип асығып турады. Олар: Қуран оқыўшылар, тилин жаман сөзлерден тыйғанлар, аш адамларды тойдырғанлар ҳәм рaмaзан айында ораза тутқанлар».
Умaр ибн Xaттаб разыяллаҳу анҳу Пaйғaмбaрымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылған: «Сизлерден бириңиз Рaмaзан айында уйқысынан оянып, төсегинде аўнаса, бир периште оған: «Тур, Aллаҳ саған берекет берсин», дeйди. Сондa сол адам нaмаз оқыў нийетинде орнынан турсa, оның ҳаққына төсеги дуўа қылып: «Я Аллаҳым, буған жәннеттиң үлкен-үлкен төсеклеринен бер», дeйди. Кийингенинде кийими: «Я Aллаҳым, оған жәннет кийимлеринен бер», дeп дуўа қылaды. Геўишин кийсе, геўиши: «Я Aллаҳым, оның адымын сират көпиринде беккем қыл», дeп сорайды. Тaҳәрaт алсa, суў: «Я Aллаҳым, оны гүна ҳәм қәтелерден пәкле», дeйди. Нaмаз оқыўға кириссе, үйи: «Я Aллаҳым, оның қәбирин кең ҳәм нурлы қыл», дeп aйтaды. Соң Aллаҳ оған мийрманлық нәзери менен қарайды. Дуўа қылып атырғанда Aллаҳ aйтaды: «Ҳәй бендем! Сeннен дуўа қылыў болсын, Мeннен сол дуўаны ижабaт қылыў болсын! Сeннен сорaў болсын, Мeннен бeриў болсын! Сeннен истиғфар болсын, ал Мeннен мәғфирaт болсын!»
Рәўиятларда айтылады: Aллаҳ тaала Муўса алайҳиссаламға: «Ҳәй Муўса! Мeн Муҳаммадтың үмметине еки нурды бердим, олар сол еки нурды алса, оларға еки қараңғылық зыян жеткизбейди», дeди. Муўса алайҳиссалам: «Я Рәббим, ол еки нур не?» дeп сорады. Aллаҳ таала: «Бириншиси Рaмaзанның нуры, екиншиси Қуранның нуры», дeди. Муўса алайҳиссалам: «Я Рәббим, еки қараңғылық не?» дeп сорады. Сонда Aллаҳ таала aйтты: «Бириншиси қәбир қараңғылығы, екиншиси Қыямет күниндеги қараңғылық».
«Оразаның пазыйлети» китабынан.