Динимизде парыз болған ораза руўхый ҳәм дене тәрбиясы болыў менен бирге инсанның өз дене саламатлығына болған ҳүрмети есапланады.
Шынында да инсан саламатлығы ушын биринши нәўбетте тынышлық зәрүр. Инсан оразадан қәтержамлық, тынышлық ҳәм руўхый азық алады. Себеби, ораза аўқат сиңириў ҳәм орайлық нерв системасына дем берип, зат алмасыўды жақсылайды. Ораза тутылғанда организмниң углевод қабыл қылыўы кескин асыўы нәтийжесинде қандағы қант ҳәм инсулин кемейеди.
Оразадар болған ўақытта организмниң энергияға болған зәрүрлигинен майлар сарпланады. Бул өз-өзинен инсанды артықша семизликтен қутқарады.
Сәҳәрликте жеңил аўқатланыў керек. Ал, аўыз ашарда бул шекленбеген. Себеби, аўыз ашарда дәслеп қандай да бир мазалы зат, мысалы, қурма, мийўе, шербет, компот ямаса суў менен аўыз ашылады. Бул кейин жейтуғын күшли аўқатлар пайда ететуғын гипоглиценниң жемирилиўине алып келеди. Ең баслысы, аўызашардан соң оқылатуғын тараўиҳ намазы организмде зат алмасыўды жеделлестиреди, яғный тараўиҳ намазында шама менен еки жүз калория энергия сарпланады. Ой жуўыртсаң, динимизде не деген санағына жетип болмайтуғын ҳикметлер жәмленген.
Мысалы, күнделикли оқылатуғын бир ғана намазды алайық. Бул ҳақыйқый дене шынықтырыўдың әжайып үлгиси. Мусылман адам Рәббисине ибадатқа шағланып таҳәрат қылар екен, намазға таярлықта ҳәм намаз оқып атырғанда өзи сезбеген ҳалда дене тәрбиясына тән көп шынығыўларды ислейди. Бундай ҳәрекетлер әсиресе Рамазан айында көбирек болады. Неге дегенде бул айда тараўиҳ намазы оқылады. Намаздағы ҳәр бир ҳәрекет инсан саламатлығы ушын оғада зәрүр. Таҳәраттан баслап намаз оқығандағы ҳәр бир ҳәрекет инсан ағзаларының ислеў ҳәрекетшеңлигин жақсылап, руўхый азықландырады.
Қураны кәриймде «… Аллаҳ пәклениўшилерди сүйеди» – делинген Тәўбе сүресиниң 108-аятында. Пәклениў биринши нәўбетте таҳәрат пенен болады. Бул ҳаққында Аллаҳ таала Моида сүресиниң 6-аятында «Аллаҳ таала сизлерди қандай да бир машақатқа салыўды қәлемейди, ал сизлерди пәклеўди ҳәм сизлерге Өз неъматларын толық етиўди қәлейди. Қәне шүкир қылсаңыз!» аятында таҳәратта тийкарынан еки мақсет: ағзаларды пәклеў ҳәм неъматлардың толық етилиўи гөзленген. Бунда неъматларды толық етилиўи дегенде инсан саламатлығы, денсаўлығымыздағы кемшиликлердиң орнын толықтырыў болса әжеп емес. Таҳәрат, истинжа, ғусыл қылыў инсан денесиниң пәклиги болыў менен бирге бул денсаўлығымыздың гиреўи. Яғный, таҳәрат қылыў менен инсанның қан айланысы, нерв системасы жақсыланады, уйқысызлықтың алды алынады, сондай-ақ таҳәрат, намаз денеге жумсақ массаж хызметин атқарады.
Ораза инсанды тәртипли ҳәм өз ўақтында жумыс ислеўге, яғный ўақыт пенен есапласыўға үйретеди.
Соның менен бирге ораза инсанды нәпсиқаўлықтан ҳәм гүналардан шетлениўге тәрбиялайды. Шығыс әдебий мийрасымызда буған көп мысаллар келтирилген. Сол мысаллардан биринде былай делинген: еки адам зинданға салынған, олардан бири семиз ҳәм күшли, екиншиси арық ҳәм күшсиз еди. Екеўи аўқатсыз қалдырылғанда олардың семизи көпке шыдамайды, ал арығы көп ўақытларға шекем өзин услай алады, кейин сорап көрилсе, арық адамның ораза тутатуғыны мәлим болады. Мине, оразаның пайдаларын әпиўайы ғана мысаллар-ақ дәлиллеп тур. Қарап турсаң, инсан өмири ушын оразаның әҳмийети уллы зәрүрлик.
Оразаның оразадарға беретуғын пайдасы ҳаққында айтар екенбиз, сабыр сыпатын пайда етиўин айтпаў мүмкин емес. Ҳәтте буны оразаға душпан болғанлар да тән алған. Инсанның өз ықтыяры менен ашлықты сезиўи, шаҳўаттан өзин тыйыўы ҳәм буның даўамлы бир ай болыўы сабырлылықты қәлиплестиреди. Бул ҳәзирги күнимиз ушын ең керекли сыпат. Неге десеңиз, бүгинги күнде әтирапымызда жүз берип атырған ҳәр қандай кеўилсизликлер, тийкарында сабырсызлықтан келип шығып атыр. Бундай аўҳаллардың келип шығыўы ҳаққында терең ойлап көрсең сабырсызлықтан, қәнәәтсизликтен екенлиги айқынласады.
Пүткил үммет бир ўақытта ораза тутады, бир ўақытта аўыз ашады. Бул инсанлар арасында татыўлықты пайда етип, бир-бириўге болған меҳир-муҳаббатты күшейтеди. Адамлар арасын жақсылайды. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан айының биринши он күнлигин мийрим-шәпәәт он күнлиги деп атаған. Бул Аллаҳ тааланың бенделерине мийрими болыў менен бирге бенделердиң бири-бирине меҳрибан, мийрим-шәпәәтли болыўын өз ишине алады. Соның менен бирге елимизде ҳәр бир инсан ушын жаратылған имканиятларды, бийбаҳа байлық – тынышлықтың қәдирин терең түсинип, даўамлы болыўын соранып, шүкирлер етеди. Буның үстине ораза себепли мусылманлар арасында өз ара теңлик, аға-инилик, меҳрибанлық байланыслары да артады. Бир-биреўге кеңшилик етиў, қайыр-иҳсанлар етип, кем тәмийинленгенлерге, мүриўбет, меҳрибанлық үйлерине жәрдем көрсетиў ең пазыйлетли ислерден. Рамазан айында жүдә сақый болыў бул сүйикли Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннети.
Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ең сақый адам еди. Оның ең сақый болатуғын ўақты Рамазан еди», делинген.
Оразаның инсанға алып келетуғын пайдалары ҳаққында айтар екенбиз, бүгинги күндеги ашлық курсы деп аталған емлеў усылы кем-кемнен танылып баратыр. Ҳәзирги күнге келип, медицина хызметкерлери инсанға бир жылда бир курс ашлық емлеўин алыўды усыныс етпекте. Олар динимиздеги оразадан хабарсыз ҳалда, бир курс ем 28-29 күн болыўын айтпақта.
Профессор Николаевтың «Саламатлық ушын аш жүриў» дегенде ашлық пенен даўалаўда оразаның орны ҳаққында айтса, Батыслы қәниге Пол Брегг өзиниң елиў жыллық жеке тәжирийбесинен келип шығып, ашлық ҳаққында жазылған бир нешше тиллерге аўдарылған «Ҳайран қаларлық ашлық» китабында ораза инсан саламатлығы ушын ең зәрүрли негиз екенлиги айтылған. Ал, бул болса Имам Табараний өзиниң «ал-Аўсат» китабында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылған: «Ораза тутың, саламат боласыз», деген ҳәдиси шәрийфтиң илимий тастыйығы.
Уллы ўатанласымыз Шайхур Раис Әбиў Әлий Ибн Сина да адамларды ашлық пенен емлеген.
Жоқарыда көрип өткенимиздей илимпазлар тәрепинен ашлық пенен даўалаў 28–29 күн деп айтқан. Аллаҳ таала бул мүддеттиң орташасы болған 30 күн Рамазанды биз мусылманларға буннан 15 әсир алдын парыз ибадат етип қойған. Усындай пайдалы ибадатты биз бенделерге парыз қылып қойған Аллаҳ таалаға мақтаў ҳәм шүкирлер болсын.
Сөзимизди китап ықласбентлери ушын қызықлы болған мысал менен жуўмақлаймыз. Белгили спортшы, өткен әсирдиң бокс тарийхы әпсанасына айланған Муҳаммад Әлийдиң ораза тутыў менен шыпа табыўы көпшиликти ҳайран қалдырды. Айырым ағзалары қалтырайтуғын кеселликке ушыраған Муҳаммад Әлий шыпа излеп бармаған жери қалмаған. Ол өзин емлетиў ушын көп жерлерге барған, бирақ ем болмаған. Аллаҳ таала оған жигирма күнлик ашлықтан соң шыпа берди. Буннан басқа да, ашлық пенен саратан кеселлигинен ҳәм басқа да көп кеселликлерден ораза себепли шыпа тапқанлар жүдә көп.
“Оразаның пазыйлети” китабынан