Фото

ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ

25 Март, 2023 665

Рамазан айының пазыйлетлеринен бири бул – тараўиҳ намазы. Тараўиҳ намазы деп тек ғана Рамазан түнлеринде қуптан намазынан кейин, ўитр намазынан алдын оқылатуғын намазға айтылады. Халқымыз арасында бул тараба деп те жүритиледи. Тараўиҳ рәҳәт-дем алыў мәнисинде. Өйткени, бул намаз рәҳәт есапланады, ҳәр төрт рәкәтти оқып болғаннан кейин отырып дем алынады, тасбиҳлар айтылады. Ал, Мәккәдағылар сол ўақытта ҳәр төрт рәкәт тараўиҳ намазынан кейин Байтуллаҳты таўап қылады.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан түнлерин ибадат пенен уйқысыз өткериўге шақырар еди, бирақ мәжбүрий қылмас еди. Сонда, ол: «Ким Рамазанда ийман ҳәм ықлас пенен қайым болса, өткен гүналары кешириледи», дейтуғын еди. Аўҳал усындай ўақытлары Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болып кетти. Соң Әбиў Бакрдиң басқарған дәўиринде де Умардың дәўириниң басында да усындай еди».

Бул ҳәдистен ашық-айдын көринип турыпты, Рамазан айы түнлери ибадат қылыў жүдә пазыйлетли ис. Гүналардың кеширилиўи де сол себепли болады екен. Бирақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул иске шақырыўы менен бирге, мәлим бир ибадатты қылыўға қатаң тәризде буйырмады. Тек улыўма қылып, ибадат қылыўға шақырып қойды. Бундай аўҳал ҳәзирети Әбиў Бакрдиң дәўиринде де даўам етти. Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳудың дәўириниң басында да усы аўҳал даўам етти.

Абдураҳман ибн Абдин Қарый разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу менен Рамазан түнлериниң биринде мешитке бардым. Қарасақ, адамлар топар-топар болып, ҳәр жерде, биреўлери жалғыз, биреўлери жәмәәт болып намаз оқып атыр еди. Сонда Умар: «Мениңше, мыналарды бир қарыйдың артына жыйнасақ жақсы болады», деди. Соң оларды Убай ибн Каъбтың артына жәмледи. Кейин басқа бир түнде мен және оның менен бирге шыққанымда адамлар қарыйларға ерип, намаз оқып атыр еди. Умар: «Бул жүдә жақсы бидъат. Бундай ўақытта уйқылағаннан көре, қайым болғаны абзал», деди (яғный түнниң ақырында). Адамлар түнниң әўелинде қайым болатуғын еди». Бул рәўиятта айтылған ўақыяны кеңирек айтатуғын болсақ, ол былай болған. Бир күни ғәзийнеши Абдураҳман ибн Абдин разыяллаҳу анҳу менен Умар разыяллаҳу анҳу Рамазаны шәрийфтиң түнлериниң биринде Мадина көшелеринен биринде кетип баратырған еди. Рамазан айы бул – мусылманлар күндизи ораза, түнде намаз оқып өткериўи керек болған мүбәрек ай. Бирақ, Умар разыяллаҳу анҳудың көзине мусылманлардың түндеги аўҳаллары әне сол талап дәрежесинде болып көринбеди. Биреў өзинше намаз оқыса, басқа үш-төрт адам бир адамға уйып намаз оқып атыр, ҳәр ким өз билгенинше ибадатта еди.

Умар разыяллаҳу анҳудың кеўлинен адамларды усылайынша таслап қойса болмайды деген пикир келди. Егер усылайынша таслап қойылса, кейин не болыўы мүмкин? Ҳәзирдиң өзинде усындай болып кеткен, кейин ала буннан жақсы болыўы мүмкин емес. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында адамлар үлкен ғайрат пенен ибадат қылатуғын еди. Ҳәр ким өзиниң билгенинше болса да, Рамазан түнлерин қайым болып өткеретуғын еди. Енди болса, алдынғы ғайрат қалмаған. Айырым адамлар нәпил оқып атыр, қалғанлары оны да қылмайды. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзи бас болып, түнлерди ибадат пенен өткизетуғын еди. Адамларға Рамазан түниндеги намаз парыз болып қалып, оларға аўырлық қылып қалмасын деп жәмәәт пенен түнде намаз оқыўды мудамы шөлкемлестирмеген еди.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам не ушын тараўиҳ намазын жәмәәт пенен оқымағаны ҳаққында төмендеги ҳәдистен үйренсек болады. «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде шығып мешитте намаз оқыды. Адамлар да оған уйыды. Таң атқаннан кейин адамлардың арасында бул тарқалды. Кейинги түнде алдынғыдан да көп болып топланды, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге намаз оқыды. Адамлардың арасында бул тарқалды. Үшинши түнде мешиттегилер көбейип кетти. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шығып намаз оқыды. Адамлар оған уйыды. Ал, төртинши түн болғанда адамлардың көплигинен мешит оларды сыйдыра алмай қалды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таң намазға шықты. Намазды оқып болғаннан кейин адамларға қарап: «Сизлердиң аўҳалларыңыздың қандай екенин билемен. Бирақ, мен сизлерге бул намаздың парыз болып, кейин оны оқый алмай қалыўыңыздан қорықтым», деди.

Бул ўақыя Рамазанның жигирма үшинши түнинде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мешитте нәпил намаз оқып атырғанын көрип, айырым саҳабалар оның намазына уйыды. Ертеңине бул гәп адамлардың арасында тарқалды, еситкенлер түнде келип, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның түнги нәпил намазына қосылды. Ертеңине және адамлар көбейди. Төртинши күни адамлар мешитке сыймай кетти. Бирақ, сол күни түнде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам намаз оқыў ушын мешитке шықпады. Кейин таң намазға шықты ҳәм не ушын түнги намазды адамлар менен жәмәәт болып оқыў ушын шықпағанын түсиндирип берди.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дәўиринде шәрият ҳүкимлери даўамлы рәўиште толтырылар еди. Бүгин бир ҳүким еңгизилсе, ертең кейингиси еди. Ҳүкимлердиң еңгизилиўине айырым адамлардың сораўлары, базыда қылған ислери, базыда және басқа бир себеплер болып қалар еди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам топланып, түнде жәмәәт пенен намаз оқыў себепли усы намаз парыз болып қалыўы мүмкин деп ойлады. Егер Рамазанның түнлеринде усындай намаз оқыў парыз болып қалса, айырым адамларға қыйыншылық болып, намаз оқый алмай қалыў итималы бар еди.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бирден-бир ойы усы еди. Болмаса, басқа ҳеш бир нәрсе оны Рамазан түнлеринде мусылманлар менен жәмәәт болып, нәпил намаз оқыўдан тоспас еди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи мудамы тараўиҳ намазын оқыйтуғын еди, саҳабаларды да усы намазды оқыўға шақыратуғын еди. Шәрият ҳүкимлери кәмил дәрежесине жеткенде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Аллаҳ тааланың ақырғы расулы болғаны ушын да ҳеш кимге ўаҳий келмейди де, ҳеш қандай парыз ямаса ўәжиб әмел буйырылмайды да. Соның ушын, енди мусылманлар түнде жәмәәт болып, нәпил намаз оқыса да, парыз ямаса ўәжиб болып қалыўы ҳасла мүмкин емес. Солай екен, енди олар тарқақ ҳалда, ҳәр ким өз билгенинше ибадат қылғанша, Рамазан түнлеринде жәмәәт болып намаз оқығаны жақсырақ болады. Соның ушын да: «Мениңше, мыналарды бир қарыйдың артына жыйнасам жақсы болады», деди ҳәзирети Умар. Сол қарый намазға өтеди. Қалғанлары оған уйып намаз оқыйды.

Солай етип, ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу Рамазан кешелеринде жәмәәт болып тараўиҳ намазын оқыўды еңгизди. Бул ис ҳәммеге мақул келди. Саҳабалардан ҳеш бири Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дәўиринде болмаған ис не ушын еңгизилип атыр, демеди. Бул да усы истиң ҳәммеге мақул болғанын билдиреди. Ҳәмме бул истен қуўанышқа бөленди. Себеби, олардың ҳәммеси бундай қылып намаз оқыў сүннетке кери ис емес екенин жақсы билетуғын еди.

Бул ҳәдисти рәўият қылған Абдураҳман ибн Абдин разыяллаҳу анҳудың айтыўынша, ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳудың өзи де қуўанышқа бөленип: «Бул жүдә жақсы бидъат. Бул ўақытта уйқылап жатқанынан көре, қайым болғаны абзал», деген. Усы орында бидъат еки түрли, жақсы ҳәм жаман болыўы мүмкин екенлиги, тараўиҳ намазын оқыў жақсы ис екенин ҳәзирети Умардай уллы саҳаба айтқанын еслетип өтиўимиз керек.

Язид ибн Руман разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Адамлар Умар ибн Хаттабтың заманында жигирма үш рәкәт намаз оқыйтуғын еди».

Усы жигирма үш рәкәттың жигирма рәкәты тараўиҳ, үш рәкәти ўитр намазы болған. Айырым рәўиятларда он бир ямаса он үш рәкәт делинген. Бирақ, жигирма үш рәкәт көбирек айтылған. Айырым уламаларымыз алдын аздан басланған, кейин жигирма үште тоқтаған ҳәм сол әдет болып қалған, мусылманлардың ҳәммеси усыны қабыл қылған, дейди.

Шафеий мәзҳабында тараўиҳ намазы сегиз рәкәт делинсе де, әмел қылыўда жигирма рәкәт қабыл қылынған. Соның ушын да мусылманлардың ҳәммеси сол дәўирлерден баслап-ақ, тараўиҳ намазын мешитлерде жигирма рәкәт етип оқыў әдет болған.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:

«Мөминлер жақсы, деп билген нәрсе Аллаҳтың алдында да жақсы. Мусылманлар жаман, деп билген нәрсе Аллаҳтың алдында да жаман», деп рәўият қылынған».

Усы рәўияттағы мөмин-мусылманлардан мурат Қуран, ҳәдис ҳәм фиқҳты жақсы билетуғын әҳли илимлер екенинде шубҳа жоқ. Бул рәўиятты бул орында келтириўден мақсет тараўиҳ намазын мешитте жәмәәт пенен жигирма рәкәттан оқыўды ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳудың заманында еңгизилгени өзбасымшалық ямаса динде жоқ нәрсени қосыў емес, ал ол диний негизде уллы саҳабалар тәрепинен шәрият көрсетпелерине, әсиресе, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның тәлиматларына әмел қылынған ҳалда болғанын айта аламыз.

«Оразаның пазыйлети» китабынан

Тэглер

ораза