Фото

ОРАЗА ДАСТУРХАНЫ

25 Март, 2023 972

Муқаддес динимизде ҳәр бир истиң өзине тән әдеби болғанындай оразадардың аўқатланыўының да, ораза дастурханын таярлаўдың да өзине тән әдеплери бар.

Ораза дастурханын ысырап болмайтуғын дәрежеде аз ҳәм саз етип таярлаў керек.

Дастурханға таҳәратлы ҳалда отырып, аўқатты тәртип пенен жеў жоқары әдеп есапланады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мудамы солай ислеген. Саҳабаларды, сиз бенен биз үмметлерин де усылай етиўге шақырған.

Аўқат жегенде асықпаў керек. Аўқат әсте жақсылап шайналады, бунда жағымсыз сеслер шығыўына жол қоймаў керек. Сондай-ақ, дастурхан басында даўысын шығарып кекириў, тисин тазалап отырыў ҳәм басқа да усыған уқсас ислер мәдениятсызлық белгиси. Егер кекирик, лық-лық келип қалса, өзимизди тыйыўға, яки руқсат пенен дастурхан басынан турып кетиўге ҳәрекет етиўимиз керек. Соң қолларымызды жуўып, аўзымызды шайып, қайта дастурхан басына оралсақ болады. Асығып аўқатланыў әдепсизлик ҳәм ашкөзлик белгиси болыўы менен бирге, саламатлыққа да зыян.

Ифтарлықта да, сәҳәрликте де ҳәдден тысқары тойып аўқатланыўдан сақланыў лазым. Себеби, оразадан гөзленген мақсетлердиң бири ашлықты сезиниў. Сондай-ақ, тойып аўқатланыў саламатлығымызға күтә қәўипли. Бәршемизге белгили, буған өмиримиз даўамында әмел қылсақ иншааалаҳ саламатлығымыз зыяда болады. Дана халқымыз «Аўырыў астан», деп бийкарға айтпаған.

Аллаҳ таала инсанларға жүдә көп неъматларды инам етип қойған. Солай екен, ҳәр биримиз Аллаҳ берген бул неъматлардың шүкирин етип, оларды үнемлеп, ысырап етпей жумсаў, пәрўардигардың бергенине разы болыўымыз дәркар. Зәрүрликтен артық жеп-ишиўди айырым уламалар ҳарам деген болса, айырымлары мәкириў санаған. Қураны кәриймде ысыраптың жаман иллет делиниўине себеп, Аллаҳ неъматларынан қай тәризде пайдаланғанымыз, оларды қай жерлерге сарыплағанымыз, шүкирин еткенимиз ҳаққында ақыретте саўалға тартылыўымыз. Соның ушын бизди усындай неъматлар менен неъматландырған Аллаҳ таала ҳәр бир исте ысырап етпеўге шақырады.

«Қайырлы ҳәм ийгиликли иҳсанда ысырап болмағанындай, ысырапта да ҳеш қандай жақсылық жоқ», деген Имам Аъзамның ибратлы қатарларындағы «сақаўатлы бол, бирақ ысырап қылма, үнемшил бол, лекин сықмар болма», деген данышпанның даналығын еске салады. Буннан ысырап сақыйлық емеслигин аңлаймыз. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ разылығы жолында өзгелерге ҳәр қандай қайыр-иҳсан (яғный жақсылық) қылсаңыз да артықшалық етпейди, ысырап болмайды. Керисинше ҳәр қандай жумыста ысырапқа жол қойсаңыз, ол ҳәр қанша шырайлы көринбесин, артында ҳеш қандай жақсылық болмайды. Бул, ифтарлық бериўшилерге де тийисли екени көринип тур. Неге дегенде, базылар ифтарлықта ҳәтте үш аўқатқа шекем таярлап, дастурхан жаяды. Буны түсиниўге болады, ол да шын ықлас пенен саўап нийетинде усындай етсе керек. Бирақ, Аллаҳ таала Исро сүресиниң 26-27-аятларында былай мәрҳәмат етеди. «Ағайин-туўысқанға, мискинге ҳәм жолаўшыға ҳақысын бер! Ысырапкершиликке улыўма жол қойма. Әлбетте, ысырапкерлер шайтанның ағайинлери болған. Ал, шайтан Рәббиңе дым нашүкир болған». Және де Аллаҳ таала Аъроф сүресинде бенделерин ысырап етпеўге шақырады. «Ҳәй, Адам балалары, ҳәр бир ибадатта зийнетлериңизди кийиң. Жең, ишиң (бирақ) ысырап қылмаң. Себеби, Ол ысырап қылыўшыны жақсы көрмейди» (31-аят). Демек, ҳәр қандай қайыр-иҳсанларды бериўде де өзинен артықша қәрежет қылыўы, ысырапкершиликке жол қойыў Аллаҳ таала тәрепинен қараланған.

Иншаалаҳ! Елимиздиң дастурханлары толы, қырманлары берекетли. Бунда бир ҳикмет бар. Ҳәр биримиз Аллаҳ таала берген неъматларды ысырап етпестен қаншелли асырап-абайласақ, иншаалаҳ, ол соншелли қут-берекетли болады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1998-жыл 28-октябрдеги «Той-мерекелер, шаңарақ зыяпатлары, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумларды еслеўге бағышланған жыйынларды өткериўди тәртипке салыў ҳаққында»ғы ПП-2100-санлы Пәрманының түп мазмунында да усындай жақсылық жатыр. Сондай-ақ, Өзбекстан Мусылманлары басқармасының «Той, мәресим ҳәм мерекелерди ысырапкершиликсиз өткериў ҳаққында»ғы пәтиўасында да ҳәр бир исте орта ҳаллық, өлшем мақулланған. Сол орында аўыз ашарларды шаңарақ экономикасына зыян етпейтуғын жағдайда тежемли етип бериў шәриятымызға муўапық. Сондай-ақ, тутық адам күн бойы аш болып, бир нешше аўқатты бирден тойып жеўи саламатлығына зыян болыўы менен бирге оразадан гөзленген мақсетлери толық әмелге аспай қалыўы мүмкин.

Сөзимизди төмендеги ҳәдис пенен жуўмақлаймыз. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ескертеди: «Сени еки нәрсе мақтаныў ҳәм ысырап қәтеге баслайды. Соннан ихтият бол» (Имам Бухарий рәўияты).

«Оразаның пазыйлети» китабынан

Тэглер

ораза