Фото

Республикамыз бойлап ифтарлық (аўыз ашар) лар шѳлкемлестирилмекте

24 Март, 2023 789

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-март күни Сурхандǝрья ўәлаятына еткен сапарында Ҳǝким ат-Термизий қǝбирин зыярат етти. Сапары даўамында уламалар менен болған сәўбетте мүбǝрек Рамазан айында орынлардағы жǝржемге мүтǝж шаңарақ ағзалары ҳалынан хабар алыў, олардың кеўиллерин шад етиў, дастурхан жайып ифтарлық шѳлкемлестириў бойынша кѳрсетпелер берген еди.













Усы тапсырмадан келип шығып республикамыздың бир қатар орынларында район ҳǝкимияты, мешитлер ҳǝм басқа да шѳлкем ўǝкиллери менен биргеликте кем тǝмийинленген шаңарақ ағзаларына Рамазан ифтарлығы берилди. Оған район ҳǝкими, район бас имамы ҳǝм басқа да ўǝкиллер қатнасты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.